Гүрес шаққанлық, мәртлик ҳәм ҳадаллық тымсалы болып, халқымыздың бир неше мың жыллық тарийхқа ийе миллий-мәдений мийрасының бир бөлеги ҳәм бийбаҳа байлығы болып есапланады. Сондай-ақ, спорттың бул түри миллий байрамлар ҳәм халық сейиллериниң ажыралмас бөлеги.
Гүрес сөзи «ҳадал жол менен жеңиске ерисиў» мәнисин де аңлатады.
2017-жыл 20-сентябрьде Ашхабад қаласында болып өткен Азия Олимпиада кеңесиниң 36-Бас ассамблеясында гүрес тарийхта биринши мәрте XVIII жазғы Азия ойынлары бағдарламасына рәсмий түрде киргизилди.
Халықтың, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында гүрести буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, өсип киятырған әўладта миллий мақтаныш, ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, дүнья спорт майданында жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Гүрес» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.
Республикамызда усы спорт түрин жаслар арасында кеңнен ен жайдырыўға салмақлы үлес қосып, шәкирт таярлап, ҳүрмет-иззетке бөленип атырған белгили палўанлар, устазлар ҳәм тренерлердиң қатары көбеймекте. Солардың бири Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер, жоқары қәнигели тренер-оқытыўшы ҳәм гүрес бойынша төреши, халықаралық дәрежедеги спорт шебери Серик Жүсипбеков болып есапланады.
Ол бүгинги күнде пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде инструктор-методист болып ислеп келмекте. Соның менен бирге, Өзбекстан Гүрес федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры лаўазымында жемисли мийнет етпекте.
Серик Жүсипбеков 1969-жылы Кегейли районында туўылған. Балалығынан Өмирбек Айтимов, Сатыпалды Мылтықбаев, Әдилбай Бекбаўлиев сыяқлы белгили палўанлардың гүресин көрип ҳәўес етип өскен. «Жас тилеги қабыл» дегениндей тынымсыз таярлықлар, шынығыўлар нәтийжесинде ол да халыққа палўан болып таныла баслады.
Оның бундай дәрежеге жетиўинде ата-анасы, устазлары Таңирберген Турымбетов, Әдилбай Бекбаўлиев, Мурат Сәрсенбаев, Қыдырбай Боранбаев, Жақсымурат Мәмбетовлардың мийнетлери айрықша болды.
Серик 1994-жылы Ташкент қаласында өткерилген халықаралық турнирдиң абсолют бириншилигинде Өзбекстанның бас палўаны Абдиқәдир Пирматов пенен гүресип, 2-орынды ийелейди. Сондай-ақ, ол кегейлиши Турдыбай палўан, Мағзам палўан, Ҳәбипназар палўан, Нөкис районындағы Зарапат палўан, Жалғас палўан, әмиўдәрьялы Фархад, Қуўат палўан, қоңыратлы Зайыт палўан, ташаўызлы Алишер палўан, Ермат Қасым палўан, хорезмли Айтбай, Ибрайым, бухаралы Камал палўанлар менен қурға түсип, өзиниң шаққанлығын, шеберлигин, епшиллигин көрсетип халыққа танылды.
С.Жүсипбеков Өзбекстан көлеминде өткерилген чемпионат, кубок ҳәм бириншиликлерде бир неше мәрте жеңимпазлықты ҳәм сыйлы орынларды қолға киргизип, Өзбекстан сайланды командасы қурамына қабыл етилди. Ол сайланды командасы қурамында қатнасып, Өзбекстан Республикасы Президенти И.Кәримов сыйлығына өткерилген (2001-жыл), сондай-ақ, Түркменстанда (1996-жыл), Қазақстан Республикасында (1999-жыл ҳәм 2000-жылларда) болып өткен Халықаралық турнирлерде сыйлы орынларды ийеледи.
Өзиниң тренерлик жумысында жас спортшыларға гүрестиң әлўан түрли сырларын үйретип, оларды усы спорт түрине қызықтырып, әсиресе, қызлар командасын қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестириўшилик жумысларын белсене алып барып, итибарға ылайықлы жумысларды атқарды. Соның нәтийжесинде Өзбекстан спорт шеберлери Б.Жүсипбеков, И.Ихласова, С.Жүсипбеков, Өзбекстан спорт шеберлигине талабанлар А.Абдихаликов, А.Абдирашидов, Н.Данияров, И.Мамутов, С.Сарыбаев, О.Халиков, М.Раметов, Н.Парахатов, Г.Қаниязова, С.Еркинбаева ҳәм Қ.Баймановалар сыяқлы бир қатар палўанларды тәрбиялап шығарды. Сериктиң бир неше шәкиртлери Өзбекстан сайланды командасының тийкарғы қурамында шуғылланып атыр.
– Серик Жүсипбеков пенен бир неше жыллардан берли усы тараўда бирге ислесип киятырмыз. Ол адамлар менен тез тил табыса алатуғын, истиң көзин билетуғын, шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе инсан. Соның менен бирге, адамлардың мийнетин дурыс баҳалай алады, – дейди Нөкис қалалық спорт бөлиминиң баслығы Ахмет Сейткамалов. – Серик гүрес бойынша Республика сайланды командасын «Умид ниҳоллари», «Баркамол авлод» ҳәм «Универсиада» жарысларына таярлаўда белсендилик көрсетип келмекте. Атап айтқанда, 2009-жылы Сырдәрья ўалаятының Гулистан қаласында өткерилген «Умид ниҳоллари» спорт жарысында Н.Парахатов биринши орын, 2011-жылы 28-апрель 2-май күнлери аралығында Термиз қаласында өткерилген «Баркамол авлод-2011» спорт ойынларында шәкирти М.Абдихаликов +71 кг салмақта алтын медаль ийеси болды.
Серик Жүсипбеков тоғыз жылдан берли жас өспиримлер арасында (ер балалар ҳәм қызлар) дәстүрий телетурнир өткерип келмекте. Ол халықаралық дәрежедеги төреши Нөкисбай Данияров, Өзбекстан Республикасы көлеминдеги категориялы төрешилер Парахат Наўрызбаев, Ерназар Камалов, Байрам Еримбетов ҳәм Нуртуған Ўалибергеновлардың да әдиўли устазы болып есапланады.
Устаз палўанның бул мийнетлери мүнәсип баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Президиумының Ҳүрмет жарлығы, 2002-жылы екинши дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени ҳәм 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды.
Серик Жүсипбеков алдағы ўақытлары да республикамызда денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўда, спортшыларымыздың халықаралық ареналарда жоқары табысларды қолға киргизиўинде өзиниң салмақлы үлесин қоса береди, деген үмиттемиз.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы