Ҳуқықтаныўшы ҳәм блогер Хушнудбек Худайбердиев өз каналында «Өзбекстан» телеканалының «Муносабат» ток-шоусында Мәмлекетлик тест орайы ўәкили 3 тәлим бағдарын сайлаў тәртиби қандай болатуғынлығы ҳаққында анықлық киргизгени бойынша мағлыўмат берди.
Хабарда жазылыўынша, абитуриент 1-бағдарға контракт, 2-бағдарға грант, 3-жөнелиске контракт тийкарында оқыўға кирген болса, бундай жағдайда грант тийкарында оқыўға кирген 2-бағдарды таңлаў мүмкин бе? деген сораўға төмендегише жуўап берилген:
Абитуриентлер ҳүжжет тапсырып атырған ўақытта, 3 бағдарда баслы избе-изликте белгилейди. Яғный биринши, екинши ҳәм үшинши бағдар сыпатында қайсы жоқары оқыў орынларын сайлағанын алдын ала белгилейди.
Бундай жағдайда абитуриент баслы бағдарға кире алмаған жағдайда ғана кейинги бағдарда әўметин сынап көриўи мүмкин. Егер 1-бағдарға контракт, 2-бағдарға контракт (ямаса грант), 3-бағдарға грант (ямаса контракт) тийкарында оқыўға кирген болса, онда кейинги бағдарлар ушын таңлаўда қатнаса алмайды.
Анықлаў етип айтқанда, бундай жағдайда абитуриент 1-бағдарда контракт тийкарында оқыйды. Егер ол 1-бағдардан жетерли балл топлай алмаса екинши бағдарды, егер 2-бағдардан да жетерли балл топлай алмаса 3-бағдарды таңлаўы мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.