Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-март күни Наўайы ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы барлық аймақлар сыяқлы Наўайы ўәлаятына да бир неше мәрте барып, экономика тармақларын кеңейтиў, халықтың абаданлығын арттырыў мәселесине турақлы итибар қаратып келмекте. 2017- ҳәм 2018-жыллардағы сапар етиўлер ўақтында белгиленген илажлардың нәтийжесинде ўәлаятта кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Бул ретки сапары Нурата районындағы «Мармаробод» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысы менен танысыўдан басланды.
Президентимиз санаатта базар талапларын үйрениў, талап жоқары өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў оғада әҳмийетли екенин бәрқулла атап өтеди. Өйткени, ол товардың сапасын, кәрхананың турақлы ислеўин тәмийинлейди.
Кейинги жылларда ҳәм ишки базарда, ҳәм сыртқы базарда пардозға қолайлы тасларға талап артпақта. Нурата районында болса бундай таслардың үлкен резерви бар.
Президентимиздиң буннан алдынғы сапары ўактында берилген тапсырмаға муўапық «Мармаробод» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилип, 10 миллиард сум есабынан 6 гектар бос турған жерде заманагөй кәрхана иске түсирилди. Сырт елден 655,5 мың долларлық технологиялық үскенелер алып келинип, жылына 24 мың квадрат метр гранит тасты қайта ислеў имканияты жаратылды. Қырқ адам жумыс пенен тәмийинленди.
Булар жойбардың биринши басқышы.
Екинши басқышта тас қазып алыў ҳәм оны қайта ислеўди кластер усылында жолға қойыў режелестирилген. Жойбар қуўатлылығын жылына 3 миллион квадрат метрге жеткериў, өнимниң түрин көбейтиў ҳәм экспортқа қаратыў нәзерде тутылған. Соның нәтийжесинде жыллық өндирис көлеми 250 миллиард сум, экспорт көлеми 10 миллион долларға жетеди, бир ярым мыңға шамалас жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхана өнимлерин көзден өткерип, олар усындай сырт ел өнимлеринен қалыспайтуғынын атап өтти. Нәтийжели технологияларды қолланыў, транспорт қәрежетлерин арзанлатыў есабынан өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў, усы арқалы сыртқы базарларға шығыў зәрүрлигин атап өтти. Тасларды жәҳән стандартлары тийкарында терең қайта ислеў ушын қәнигели кадрлар таярлаў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.
Усы жерде «National stone» Өзбекстан-Канада қоспа кәрханасы өнимлери де көрсетилди. Алмалықта жумыс алып барып атырған бул заводта тас унтағын нығызлаў арқалы түрли рең ҳәм өлшемдеги плиталар ислеп шығарылмақта. Олар имаратлардың сыртқы бөлегин ҳәм жолларды пардозлаў, офислер, асхана, жуўыныў ханасы ҳәм басқа да жерлерди үскенелеўде кеңнен пайдаланылмақта. Буннан тысқары, кәрханада таярланып атырған тас унтағы қурылыста, кварц таслары суў тазалаўда қолланылмақта.
«National stone» «Наўайы» еркин экономикалық зонасында және бир усындай кәрхана ашыўды режелестирмекте. Бул реже әмелге асса, жылына 75 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў, 60 адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты жаратылады.
Президент бул режени мақуллап, кәрхананың раўажланыўы ушын барлық жәрдем көрсетилетуғынын атап өтти. Қурылысларда елимизде ислеп шығарылған материаллардан пайдаланыў, жергиликли исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.
Наўайы ўәлаятында 2019-2020-жылларда қурылыс материалларын ислеп шығарыў, қытайлы инвесторлар менен биргеликте мрамордан санаат мүсиншилигин шөлкемлестириў, Нурата районы Ғазғон қалашасын Бас реже тийкарында раўажландырыў жойбарларының презентациясы өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы усы аймақтың инфраструктурасын ҳәм санаатын раўажландырыў ушын бул жерге темир жол линиясын тартыў усынысын билдирди.
Президентимиз 2017-жылы Наўайы ўәлаятына сапары ўақтында Нурата районындағы «Чашма» зыяратханасының әтирапын кеңейтиў ҳәм абаданластырыў, замананөй мийманхана қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.
Өткен жылы бул жумыслар толық әмелге асырылып, зыяратхананың аймағы өзгеше шырайға енди. 50 орынлық «Нурата» мийманханасы пайдаланыўға тапсырылды. Шырай бағышлайтуғын пута ҳәм тереклер егилип, фонтан қурылды. Зыяратшылардың дем алыўы ушын сыпалар менен отырғышлар орнатылды. Музей имаратын, Өнерментшилик орайын қурыў жумыслары даўам етпекте.
Шавкат Мирзиёев тарийхый орынды зыярат етти, дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.
«Чилустун» ҳәм «Панжвақта» мешитлерин, Абул Ҳасан Нурий мовзолейин реконструкциялаў режелестирилген,
Бул бағдардағы жойбардың усыныслары менен танысып, Президентимиз зыяратшылар ҳәм сырт ел туристлери ушын қолайлықларды көбейтиў, талап жоқарылығын есапқа алып және 80 орынлық мийманхана қурыў, туристлерге көрсетилетуғын хызмет түрлерин көбейтип, халықты қосымша дәрамат пенен тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Қудықлар қазыў ҳәм тамшылатып суўғарыўды жолға қойыў арқалы Нурата районындағы суўғарылмайтуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў, собықлы егинлер жетистириў ҳәм шарўашылықты кеңейтиў, қусшылық-ғәллешилик кластерин шөлкемлестириў режелери додаланды.
Шавкат Мирзиёев бул барлық илажларды қамтып алатуғын Нурата районын комплексли раўажландырыў бойынша ҳүкимет қарарын ислеп шығыўға тапсырма берди.
Халық ўәкиллери – нуранийлер, исбилерменлер, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен сәўбетлесиўде әне усындай режелер, Наўайы ўәлаяты ҳәм елимиздеги өзгерислер ҳаққында сөз болды.
Президентимиз Нурата районында да топланып қалған мәселелер басқышпа-басқыш шешилип атырғанын, бул сапар етиў ўақтында және үлкен режелер белгиленетуғынын атап өтти.
Адамлар бизге исенип, ертеңги күнге үмит пенен қарамақта. Бул исенимди ҳәр бир басшы жүрегинен сезип, жаңаша дүнья қарас пенен ислеўи, халыққа хызмет етиўи керек. Ең әҳмийетли мәселе – жумыс орынлары. Барлық ҳәрекетлеримиз халықты жумыс пенен тәмийинлеў, экономикамызды раўажландырыўға қаратылған, деди мәмлекетимиз басшысы.
Наўайы ыссылық электр станциясы жоқары дәрежеде санаатласқан ҳәм оған тутас регионлардағы тутыныўшыларды электр ҳәм ыссылық энергиясы менен тәмийинлейтуғын тийкарғы дәрек есапланады. Ири санаат кәрханалары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумысы ҳәм халықты буннан былай да исенимли электр энергиясы менен тәмийинлеў бул станцияда әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларға тиккелей байланыслы.
Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 28-март күни Наўайы ўәлаятына сапары ўақтында Наўайы ыссылық электр станциясында болып, екинши пуў-газ қурылмасының тырнағын қалаған еди.
Улыўма нырқы 432 миллион АҚШ долларына тең бул қурылманың қуўатлылығы 450 мегаватт. Қурылыс «Mitsubishi Corporation and MHPS» консорциумы ҳәм Түркияның «Calik Enerji» компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта.
ЫЭС те иске түсирилген биринши жойбардан айрықшаланатуғын екинши пуў-газ қурылмасында жәми 200 гигакалория (Гкал) ыссылық энергиясын ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Бүгинги күнде жойбардың пуў турбина қурылмасында сынақтан өткериў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиз пуў-газ қурылмасы газ турбинасының жумыс процеси менен танысты.
Дәстүрий электр станцияларының пайдалы жумыс коэффицентин арттырыў жолларын излеў пүткил дүнья технологларының итибарындағы мәселе. Пуў-газ қурылмалары бул машқаланың заманагөй шешими болып табылады. Ыссылық электр станцияларының пайдалы жумыс коэффиценти әдетте 40 процентти қурайды. Наўайы ЫЭСтиң биринши пуў-газ қурылмасында бул көрсеткиш 57 процент болса, екиншисинде 61 процентке тең.
Пуў-газ қурылмасы толық таяр ҳалда усы жылдың сентябрь айында иске түсириледи.
Мәмлекетимиз басшысының итибарына жойбардың әмелге асырылыўында ерисилетуғын нәтийжелер ҳәм пуў-газ турбинасының техникалың-экономикалық көрсеткишлер ҳаққындағы презентациялар усынылды.
Пуў-газ қурылмасы иске түсирилиўи нәтийжесинде жылына 3 миллиард 454 миллион киловатт-саат электр ҳәм ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Есап-санақлар бойынша, жойбар нәтийжесинде 1 киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын шәртли жанылғы сарплаўды азайтыўдың есабынан жылына орташа 829 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди.
Мәмлекетимиздиң энергетика системасында 2025-жылға шекем және бир қатар заманагөй пуў-газ қурылмаларын қурыў режелестирилмекте. Бул, өз гезегинде, мыңнан аслам хызмет көрсетиўши жоқары қәнигели кадрлар таярлаў зәрүрлигин келтирип шығарады.
Президентимиз бул зәрүрликти тәмийинлеў мақсетинде Наўайы ЫЭС базасында пуў-газ қурылмалары ушын хызметкерлер таярлайтуғын оқыў орайын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берген еди. Кәрхана Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги –JICAның қаржылай жәрдеминде оқыў орайы шөлкемлестирилди. Ҳәзирге шекем бул жерде 166 қәниге таярлықтан өтти.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхана жумысшылары ҳәм сырт елли инвесторлар менен сәўбетлести.
Энергетика системасында әмелге асырылып атырған бундай ири инвестициялық жойбарлар ҳәрекеттеги энергетика қуўатлықларын арттырыў, ең әҳмийетлиси, тутыныўшыларды үзликсиз энергия дәреги менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, экономика тармақларын жедел раўажландырыўға, аймақлардың инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаўға тийкар жаратады. Заманагөй технологиялардың енгизилиўи болса жанылғы жумсаўды ҳәм қоршаған орталыққа шығарылып атырған зыянды азайтыў имканиятын береди.
Президентимиз «Наўайыазот» акционерлик жәмийетине де барды.
Елимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейтуғын бул кәрханада үш ири инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. Шавкат Мирзиёев 2018-жылы усы кәрханада болып, бул жерде әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар менен танысқан ҳәм оларды өз ўақтында, сапалы жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берген еди.
Бизге белгили, «Наўайыазот» кәрханасы 1964-жылы иске түсирилген. Бул жерде аўыл хожалығы, нефт-газ тармағы, энергетика ҳәм таў-кән санааты зәрүрликлери ушын 70 тен аслам түрдеги өним ислеп шығарылады. Ўақыттың өтиўи менен технологиялық үскене және қурылмалар физикалық ҳәм мораллық жақтан гөнерди, көп муғдарда электр энергиясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурсларды жумсаўдың есабынан өним ислеп шығарып киятырған еди. Сонлықтан кәрханада басқышпа-басқыш модернизация жумыслары әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги күнде жәмийет аймағында үш ири инвестициялық жойбар – поливинилхлорид (ПВХ), каустикалық сода ҳәм метанол, Аммиак ҳәм карбамид және Азот кислотасын ислеп шығарыў кәрханаларының қурылысы қызғын даўам етпекте. Қурылып атырған бул кәрханаларға заманагөй, үнемли технологиялық үскенелер орнатылады.
Поливинилхлорид электр өткизгиш ҳәм кабельлерди изоляциялаў, листлер, қубырлар ислеп шығарыўда қолланылады. Сондай-ақ, кийим ҳәм аксессуарлар ислеп шығарыўда оннан кеңнен пайдаланылады. Жуўылатуғын гүл қағазлар суў өткермеўи ушын ПВХдан таярланған плёнка менен қапланады. Бул өним басқа көплеген тараўларда да қолланылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жаңа объектлердеги қурылыс жумыслары менен танысты, қурылысшылар, сырт ел инвесторлары менен сәўбетлести.
Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў жойбарының улыўма нырқы 50 миллион АҚШ долларынан асады. Қурылысты Қытайдың «CAMC Engineering CO. LTD» ҳәм «HQC (Shanghai)» компаниялары консорциумы және елимиздиң қәнигелери әмелге асырмақта.
Кәрхана пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, жылына 100 мың тонна поливинилхлорид, 75 мың тонна каустикалық сода, 300 мың тонна метанол таярланады. 900 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылады. Өнимниң 50 проценттен асламы экспорт етиледи. Кәрхананы усы жылдың сентябрь айында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
«Наўайыазот» акционерлик жәмийетиниң әмелдеги энергия жумсаўы жоқары болған аммиак ислеп шығарыў 1- 2-гезеклери эксплуатациядан шығарылмақта. Атап айтқанда, аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў бойынша улыўма нырқы 985 миллион доллардан аслам болған жойбар әмелге асырылмақта. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан кейин, бул жерде жылына 660 мың тонна аммиак, сондай-ақ, 577,5 мың тонна карбамид алыў, олардан таярланатуғын минерал төгинлердиң түрин арттырыў имканияты пайда болады. 500 ге жақын жумыс орны жаратылады.
Япониялы бирге ислесиўшилер –«Mitsubishi Heavy Industries, Ltd» ҳәм «Mitsubishi Corporation» компаниялары менен биргеликте қурылып атырған комплексти 2020-жылы пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған.
Акционерлик жәмийеттиң азот ислеп шығарыў бойынша ески 1- 2- гезеклери де эксплуатациядан шығарылмақта. Яғный бул жерде усы жылы және бир жойбар – азот кислотасын ислеп шығарыў комплекси қурылысын жуўмақлаў режелестирилген. 216,6 миллион АҚШ долларына тең бул өндирислик объект Швейцарияның «CASALE SA» компаниясы тәрепинен қурылмақта. Бул жерде жылына 500 мың тонна өним таярлаў мүмкин болады, 120 дан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.
Бүгинги күнде бул жерде орнатылатуғын заманагөй үскенелерди басқарыў елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде инженер-технолог, механик, энергетик, экономист ҳәм программистлер таярланбақта. Қәнигелер елимиздиң сырт елдеги кәрханаларында қәнигелигин арттырмақта.
Президентимиз заманагөй энергия үнемлейтуғын технологиялар менен үскенеленген комплекслерде өним ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў, өзине түсер баҳасын азайтыў, бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў әҳмийетли фактор болатуғынын атап өтти.
Соны айрықша атап өтиў керек, бундай заманагөй кәрханаларды қурыўға тек ғана регион мәмлекетлери емес, ал бираз раўажланған мәмлекетлер де жүрек ете алмайды. Қурылып атырған бул кәрханалар көплеген жумыс орны жаратылыўы менен бирге, елимиздиң экономикасын раўажландырыўда да үлкен әҳмийетке ийе.
Наўайы ўәлаятында елимиздиң зәрүрлиги ушын оғада әҳмийетли болған ири кәрханалар қурамыз. Ең заманагөй үскенелер орнатылатуғын бул кәрханаларда ислейтуғын кадрлар да соған мүнәсип болыўы керек. Бул ушын елимизде жәҳән талапларына жуўап беретуғын қәнигели кадрлар таярлаўдың избе-из системасын жолға қойыў, жасларды сырт елде оқытыў керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Усы жерде Наўайы ўәлаятында елимиздиң Америка Қурама Штатлары, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Украинадағы елшиханаларының жәрдеминде әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Президентке ўәлаятта санааты раўажландырыў, өндиристи локализациялаў ҳәм басқа да тармақларда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимизде аўыл хожалығы, атап айтқанда, балықшылық тармағын жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Балықшылық хожалықларын буннан былай да раўажландырыў, жаңа инкубация цехларын шөлкемлестириў, азықлық базасын беккемлеў. тараўға заманагөй технологияларды енгизиў, балықты қайта ислеў ҳәм экспортқа қаратыў системасын жетилистириў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги «Балықшылық тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары бул жумысларды жаңа басқышта даўам етитириўде әҳмийетли фактор болмақта.
Тараўға қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде 2018-жыл декабрь айында Кармана районында «Export Fish Product» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыс баслады. Әмелге асырылған жойбардың улыўма нырқы 37 миллиард сум болып, оның 30 миллиард сумы банк кредити, 7 миллиард сумы кәрхана қаржысы болып табылады. Бул жерде үсти жабық суў сақлағышлар, 500 тонна сыйымлылыққа ийе музлатқышлы қоймахана, сондай-ақ, халықтың дем алыўы, яғный усы жердиң өзинде балық услап жеўге улыўма аўқатланыў шақапшасы ҳәм дем алыў орны қурылған. 50 жумыс орны жаратылған.
Кәрхана толық қуўатлылық пенен жумыс баслағаннан соң, жылына 500 тонна балық, 100 миллион дана балықтың шабағы жетистириледи. Келешекте кәрхана 800 шаңарақта да интенсив усылда балық бағыўды режелестирген. Нәтийжеде 900 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленеди. Кәрхана қараўындағы 2 мың гектарлық көлде жетистирилетуғын балық кластер усылында қайта исленип, онда балық уны, майы, филеси, консервасы, ярым таяр ҳалатта балық котлети ҳәм қақланған балық таярланады. 600 тонна таяр өним экспорт етиледи.
Президентимиз Наўайы ўәлаятына сапары шеңберинде бул кәрхананың жумысы менен де танысты.
Өним көп болса, бәсеки болады, бәсеки болса, сапа артады, сапа жоқары болса, экспорт нәтийжели болады. Әпиўайы адамларды бай етсек, мәмлекет те бай болады, деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жердиң өзинде ўәлаятта аўыл хожалығының ҳәр қыйлы тармақлары бойынша агрокластерлер шөлкемлестириў, жайлаўлардың жағдайын жақсылаў жойбарлары менен таныстырыў өткерилди.
Мәселен, «Наўайы» еркин экономикалық зонасында «NAVOIY ISHONCH GILAMLARI» ЖШЖ тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин жасалма жаўын усылында суўғарыў үскенелерин ислеп шығарыў жолға қойылады. Нәтийжеде суў, жанылғы, минерал төгинлерди жумсаў азаяды. Улыўма нырқы 41 миллиард сум болған бул жойбар нәтийжесинде 50 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Сондай-ақ, ўәлаятта шарўашылықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Кенимех районында «Кенимех техно оазис» ЖШЖ тәрепинен түйешилик ҳәм жылқышылықты раўажландырыў жойбары турмысқа енгизиледи. Сырт елден 900 бас түйе, жылқы, нәсилли қой алып келинеди. Шабандозлық мектебин шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы балық жетистириўге қәнигелескен усындай кәрханалардың, шарўашылық хожалықларының санын көбейтиў, жердиң өнимдарлығын және қыйтақ жерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар берди.
Мәмлекетимиз басшысының Наўайы ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Умар АСРОРОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршылары