Бурын хабар етилгениндей, 27-февраль күни Вьетнам пайтахты Ханой қаласында Америка –Арқа Корея саммити басланды.
Күнниң екинши ярымында АҚШ Президенти Трамп ҳәм КХДР басшысы Ким Чен Ин арасында жүзбе-жүз сөйлесиў болып өтти. Ҳәзирше рәсмий дәреклерде ушырасыўдың толық ўақыялары жәрияланбаған. Бирақ, саммитти бақлап атырған ғалаба хабар қуралларының атап өтиўинше, Трамп «тет-а-тет» тәризиндеги ушырасыў «жақсы сөйлесиў» руўхында өткенин мәлим еткен.
«Бизиң қатнасықларымыз өзине тән», деген АҚШ жетекшиси журналистлерге. Трамптың қосымша етиўинше, саммиттиң ертеңги күни жүдә тығыз өтеди ҳәм көплеген мәселелер шешиледи.
РИА Новостидиң жазыўынша, Трамп КХДРға ядролық қуралсызланыў бойынша қойылған шәрт өз күшинде қалыўын да айтып өткен.
ӨзА