2019-жыл 15-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинетиниң жуўапкер хызметкерлери, министрликлер, уйымлар, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан мәжилисте пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселеси додаланды.
Шығып сөйлегенлер ғәрезсизлик жылларында елимизде мәҳәлле институты пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда исенимли тийкар ҳәм тәсиршең күшке айланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде кең көлемли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Нәтийжеде жәмийетлик турмыстың нәтийжели миллий түри есапланған бул бийбаҳа структура елимизде әмелге асырылып атырған «Күшли мәмлекеттен – күшли пуқаралық жәмийетке қарай» принципиниң әмелдеги көриниси болды ҳәм халықтың кең қатламларын мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен байланыстырып туратуғын беккем көпирге айланды. Кейинги жылларда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў системасын жетилистириў, мәҳәллениң турмысымыздағы орнын ҳәм тәсиршеңлигин буннан былай да күшейтиў, ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Атап өтилгениндей, бул ретки пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў жәмийетти буннан былай да реформалаў ҳәм демократияластырыў, елимизди модернизациялаў шараятында болып өтеди. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, 2018-жылдың октябринде «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етилди. Онда пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) үш жыл мүддетке сайланыўы, жасырын даўыс бериў, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын Республикалық комиссияның ўәкилликлери, пуқаралар ўәкиллериниң саны сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралар улыўма санының кеминде 12 процентин қураўы зәрүрлиги сыяқлы жаңа қағыйдалар беккемлеп қойылды.
Додалаў ўақтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгаши ағзаларының атап өткениндей, 9019 мәҳәллесинде пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў процесинде пуқаралардың қатнасыў конституциялық ҳуқықларын толық жүзеге шығарыў ушын шөлкемлестириў-ҳуқықый шараятлар жаратыў, сайлаў процесине жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кеңнен тартыў, сайлаўдың барлық қатнасыўшылары әмелдеги нызам ҳүжжетлери талапларына, соның ишинде, ашық-айдынлық, альтернативлик ҳәм тең сайлаў ҳуқықы принциплерине сөзсиз ҳәм қатаң әмел етиўин тәмийинлеў, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) лаўазымларына көрсетилетуғын талабанлар, олардың исшеңлиги ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлери менен пуқараларды ҳәр тәреплеме таныстырыў болажақ сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдеги ең әҳмийетли талаплар ҳәм анық мақсетке қаратылған ўазыйпалар есапланады.
Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў зәрүрлиги атап өтилди.
Додлаўдың жуўмақлары бойынша бурынғы сайлаўларда арттырылған тәжирийбе ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў быйыл май айында өткериледи. Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси, пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўға байланыслы сайлаў бюллетениниң үлгиси тастыйықланды. Сондай-ақ, Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериўге жәрдемлесетуғын республикалық комиссия дүзилип, оның қурамы тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети
ӨзА