Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарлары 2019-жыл 1-майдан баслап енгизиледи.
Norma басылымының мағлыўматларына қарағанда, оған шекемги төлемлер 2018-жыл ушын белгиленген әмелдеги муғдарлар бойынша әмелге асырылады.
Мәмлекетлик балалар бақшаларында ата-аналар балалары ушын қанша муғдарда төлеўи мәкеме орналасқан орын ҳәм оның жумыс режимине байланыслы болады.
Мағлыўматта жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналардан ҳәр айда алынатуғын төлем муғдарлары орнатылған муғдарға салыстырғанда 50% муғдарында белгиленеди.
Ҳүжжет 2019-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги