Леонардо да Винчи Ояныў дәўиринде жасап, адамзат тарийхында өзиниң атын қалдырған инсанлардың бири. Көпшилик оны художник сыпатында биледи.

Леонардо да Винчи (1452-1519-жж) Ояныў дәўириндеги Италияның белгили тулғаларының бири, соның менен бирге, Ояныў дәўириниң баслаўшыларының бири болып табылады. Оның көркем өнердеги жетискенликлери дүнья мәденияты тарийхынан ажыралмас орын ийеледи. Ол тек ғана художник емес, математик, астроном, архитектор ҳәм инженер болған.

Италиялы художниктиң өмири де, дөретпелери де жумбақларға толы. Дүньяға белгили «Мона Лиза»ның сырлы күлкисин ашыўға ҳәрекет еткенлер қанша дейсиз? Елеге шекем изертлеп жүргенлер көп.

Жақында илимпазлар художник пенен байланыслы және бир дәректи анықлады. Лондон университети қәнигелери Леонардо да Винчи сүўретлерин қунт пенен изертледи. Нәтийжеде художниктиң көзи қыйтар көз (қыйсық, косой) болған, деген жуўмаққа келди.

Қыйтар көзли болғанлығы художниктиң дөретпелерине өзиниң тәсирин тийгизген. Көз қарашығы симметриялы болмағанлықтан, ол объектти бир ўақыттың өзинде бир неше формада көрген. Және бир қызықлы тәрепи, Леонардоның көзи тек сүўрет салғанда ғана қыйсайып кететуғын болған, – дейди изертлеўшилер. – Бизди қызықтырған жери, Леонардо салған портретлердиң көпшилигинде адамның көзи айрықша бояў алған. Анықлап қарасаңыз көз қарашықлары ҳәр жаққа қарап турғаны мәлим болады. Дүньяға белгили «Витрувианлы адам» дөретпесин алып қарасақ, онда сүўретленген адамның бир көзиниң қарашығы екиншисинен үлкен екенлигин көриў мүмкин. Бул кеселлик анизокория деп аталады. Не себептен бундай етип салғанын ойлап көрейик. Дөретпесине өзиниң жеке өзгешелигин қосыўы да мүмкин емес пе? Басқа сүўретлерин қарап отырып Леонардоның қыйтар көзли болғанын (экзотропия кеселлиги) билиў мүмкин. Бирақ, оның көз қарашығының қыйсайып кетиўи турақлы болмаған, – дейди Лондон университети офтольмолог профессоры Кристофер Тайлор.

Илимпазлар художниктиң өмирин изертлеўди даўам еттирмекте. Оларды қызықтырып атырған және бир тәрепи – художниктиң дүнья картасын ислегени.

– Леонардоның бизге мәлим болмаған жумбақлары көп. Мәселен, ол өзи жасаған дәўирде дүнья картасын ислеген. Материклердиң жайласыўы, океанлардың шегарасы, басқа да географиялық белгилер жоқары анықлықта исленген. Бундай картаны арадан 3 әсир өтемен дегенше ҳеш ким ислей алмаған. Буны художник қалай ислеген? Мине, жумбақ. Усы тәрепин изертлеўди мақсет етип отырмыз, – дейди Кристофер.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.