Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарарына муўапық ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў ушын мүнәсип талабанларды мақсетли таярлаў системасын жетилистириў, оқыўшылардың тийисли қәнигеликлер бойынша жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўын даўам еттириўи ушын зәрүр ҳәм жеткиликли болған, тереңлестирилген теориялық және кәсиплик таярлығын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайы тәрепинен әмелдеги академиялық лицейлердиң жумысы комплексли талқыланғаны, материаллық-техникалық базасы хатлаўдан өткерилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының:
өткерилген комплексли талқылаў ҳәм хатлаў жуўмақлары бойынша анықланған оқыў-методикалық ҳәм материаллық-техникалық базасы заман талапларына жуўап бермейтуғын, жоқары билимлендириў мәкемелеринен узақта жайласқан, билимлендириўдиң сапасы менен питкериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлери төмен болған 1-қосымшада көрсетилген академиялық лицейлердиң 2018/2019 оқыў жылынан баслап оқыўшыларды қабыл етиўди тоқтатыўы ҳәм 2019-жылдың 1-сентябринен баслап жумысын тоқтатыўы ҳаққындағы;
жоқары илимий ҳәм педагогикалық потенциалғы, жеткиликли материаллық-техникалық базаға ийе болған академиялық лицейлерди 2-қосымшағы муўапық жоқары оқыў орынларының қарамағына бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 3. 2017/2018 оқыў жылынан баслап академиялық лицейлерде оқыў мүддети еки жыл етип белгиленетуғыны ҳәм оларға оқыў-методикалық жақтан басшылық етиў Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
академиялық лицейлерден узақ жайласқан аймақлардан қабыл етилген оқыўшылар белгиленген тәртипте жатақхана және ата-аналар төлеминиң есабынан (ҳәр айда ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында) қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаған ҳалда, жеңилликли азық-аўқат пенен тәмийинленетуғыны;
2018/2019 оқыў жылынан баслап оқыўшылар ушын қабыллаў тоқтатылып атырған академиялық лицейлердиң 2- ҳәм 3-басқыш оқыўшылары усы академиялық лицейлерде билим алыўды әмелдеги оқыў бағдарламалары бойынша белгиленген тәртипте жуўмақлайтуғыны ҳәм оларға мәмлекетлик үлгидеги академиялық лицей питкериўшиси дипломы берилетуғыны;
академиялық лицейлердиң басшы ҳәм педагог хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў Жоқары оқыў орынларының педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайларында әмелге асырылатуғыны;
жумысы сапластырылатуғын академиялық лицейлердиң имаратлары менен объектлери, жер майданы, биринши гезекте, әмелде бириктирилген жоқары оқыў орнына, жоқары оқыў орнында талап болмаған жағдайда тийисли район (қала)лардың ҳәкимликлерине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилетуғыны;
академиялық лицейлердиң нәтийжели жумыс алып барыўы, олардағы оқыўдың сапасын тәмийинлеў және олардың материаллық-техникалық базасы ҳәм жоқары маманлықтағы оқытыўшылар қурамы менен тәмийинленгени, тәлим-тәрбия процеси үстинен қадағалаўды, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин толық тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.
- 4. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары – Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының директоры М.Холмухамедов:
бир ай мүддетте жумысы сапластыралатуғын 1-қосымшадағы академиялық лицейлердиң имаратлары менен объектлерин, жер майданларын ҳәм басқа да барлық материаллық-техникалық байлықларын (буннан кейин материаллық байлықлар деп аталады) толық инвентаризациядан өткерсин және оларды дизим тийкарында ҳәр бир билимлендириў мәкемеси кесиминде материаллық жуўапкер шахсларға орнатылған тәртипте бириктирсин;
материаллық жуўапкер шахслардың өзлерине бириктирилген материаллық байлықларды орнатылған тәртипте тапсырыў-қабыллаў актлери тийкарында рәсмийлестирилгенине шекем пүтин ҳәм саз ҳалда сақланыўын тәмийинлеў илажларын көрсин ҳәм олардың жумысы бойынша жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- 5. Жоқары оқыў орынларының басшыларына жоқары оқыў орынларының бюджеттен тысқары қаржыларының (төлемли-контракт тийкарында оқытыў ушын түсимлердиң тек ғана төлемли-контракт муғдарының арттырылған бөлегиниң) есабынан академиялық лицейлер ушын оқыў-лаборатория әсбап-үскенелерин, жумсайтуғын материалларын, компьютер техникасын, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын сатып алыў және академиялық лицейлердиң оқытыўшылары менен оқыўшыларын материаллық қоллап-қуўатлаў ҳуқықы берилсин.
- 6. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажитов еки ай мүддетте:
Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте академиялық лицейлерге улыўма билим бериў мектеплериниң ең билимли, уқыплы ҳәм талантлы оқыўшыларын таңлап алыў тәртиби ҳаққында реже ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Режеде республиканың маман кадрлар жетиспеўшилиги бақланып атырған аймақларынан оқыўшыларды жоқары оқыў орнына кириўге мақсетли таярлаў ушын жеңилликли қабыллаў, сондай-ақ, академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орнына кире алмаў дәрежесине муўапық (процент көрсеткишлерине сай рәўиште) академиялық лицейди қарамағына алған жоқары оқыў орнының ректорына, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери менен ислесиў бойынша проректорына, академиялық лицейдиң директорына ҳәм жуўаплы хызметкерлерге орнатылған тәртипте жәрийма қолланылыўы және олардың айлық мийнет ҳақыларынан услап қалыныўы нәзерде тутылсын;
академиялық лицейлердиң оқыў режелери менен бағдарламаларын қайта көрип шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;
қарамағында жоқары оқыў орынлары болған министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте академиялық лицей оқытыўшыларының жетекши жоқары оқыў орынларында маманлығын арттырыўдың нәтийжели системасын, соның ишинде, шет елли қәнигелерди тартқан ҳалда шөлкемлестирсин.
- 7. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрилигиниң Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайы жумысы сапластырылатуғын академиялық лицейлердиң жумыстан босатылатуғын оқытыўшылары менен хызметкерлерин белгиленген тәртипте жумысқа орналастырыў илажларын көрсин.
- 8. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр жылы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде «Билимлендириў» саласына бағдарланған қаржылар шеңберинде усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- 9. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 24-январьдағы «Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлерин реформалаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-2738-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 1 Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди еки ай мүддетте усы қарарға муўапықластырсын.
- 11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 26-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында» ғы қарарына
ТҮСИНИК
Елимизде ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан-ақ билимлендириў системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, ул-қызларымыздың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болыўын тәмийинлеў, уқыбын және талантын жүзеге шығарыў, ел-журтқа садықлық ҳәм пидайылық руўхында тәрбиялаў бойынша шексиз ис-ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.
Бәринен бурын, үзликсиз билимлендириўди раўажландырыўдың ҳуқықый, жәмийетлик-сиясий, педагогикалық-психологиялық, илимий-методикалық, қаржы тийкарлары жаратылды.
Академиялық лицейлерде оқыўшылар таңлаған билимлендириў бағдарлары бойынша терең, дифференцияланған ҳәм кәсип-өнерге бағдарланған билим алмақта ҳәм ҳәр жылы орташа 35 мың жигит-қыз питкерип шықпақта. Олардағы оқытыў системасы жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын потенциаллы талабанлар контингентин қәлиплестириўге бағдарланған.
Бүгинги күнде академиялық лицейлердиң жумысы, жайласыўы, питкериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи талқыланғанда бул саладағы жумыслардың қанаатландырарлы емеслигин көрсетпекте.
Усы мүнәсибет пенен академиялық лицейлердиң санын оптималластырыў, олардағы билимлендириў сапасы менен мазмунын түп-тийкарынан арттырыў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги туўылды.
Усы бағдардағы машқалаларды шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен оқыў-методикалық ҳәм материаллық-техникалық базасы талапқа жуўап бермейтуғын, жоқары билимлендириў мәкемелеринен узақта жайласқан, билимлендириў сапасы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлери төмен болған 37 академиялық лицейге 2018/2019 оқыў жылынан баслап оқыўшыларды қабыл етиў тоқтатылады ҳәм 2019-жыл 1-сентябринен олардың жумысы сапластырылады;
Жоқары илимий ҳәм педагогикалық потенциалға, зәрүр материаллық-техникалық базаға ийе 68 академиялық лицей жоқары билимлендириў мәкемелериниң қарамағына өткериледи.
2017/2018 оқыў жылынан баслап академиялық лицейлерде оқыў мүддети 2 жыл етип белгиленди ҳәм енди оларға оқыў-методикалық жақтан басшылық етиўди Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әмелге асырады;
Академиялық лицейге узақ аймақлардан қабыл етилген оқыўшылар жатақхана ҳәм ата-аналар тәрепинен қәрежетлердиң бир бөлеги қапланыўы есабынан (ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында) жеңилликли азық-аўқат пенен тәмийинленеди;
2018/2019 оқыў жылынан қабыллаў тоқтатылатуғын академиялық лицейлердиң 2- ҳәм 3-басқыш оқыўшылары билим алыўды әмелдеги оқыў бағдарламалары бойынша жуўмақлайды ҳәм мәмлекетлик үлгидеги академиялық лицей питкериўшиси дипломын алады;
жумысы тоқтатылып атырған академиялық лицейлердеги педагог-хызметкерлердиң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў Жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша регионаллық орайларында әмелге асырылады;
усы билимлендириў мәкемелериниң имаратлары, жер майданлары, бириктирилген жоқары билимлендириў мәкемесине, зәрүрлик болмаған жағдайда тийисли район (қала) лардың ҳәкимликлерине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бериледи;
академиялық лицейлерди оқытыў сапасы, материаллық-техникалық база ҳәм маман оқытыўшылар менен тәмийинлеў, тәлим-тәрбия процесин қадағалаў, жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў көрсеткишлерин жақсылаў ушын жеке жуўапкершилик тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына жүкленеди;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшыларына бюджеттен тысқары қаржылары (төлемли-контракттен түскен қаржылардың базалық төлемли-контракт муғдарынан арттырылған бөлеги) есабынан академиялық лицейлер ушын оқыў-лаборатория, компьютер техникасы, сабақлықлар сатып алыў және оқытыўшылар менен оқыўшыларды материаллық қоллап-қуўатлаў ҳуқықы бериледи.
Академиялық лицейлердеги оқытыўшылық жумысына өткен саатына қарай ҳақы төлеў муғдары жоқары билимлендириў мәкемелеринде мийнетке өткен саатына қарай ҳақы төлеў муғдарына теңлестирилиўи ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери қарамағындағы академиялық лицейлер санының оптималластырылыўы жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшыларды академиялық лицейлерде сабақ өтиўге кеңирек тартыў имканиятын жаратады.
Академиялық лицейлердиң оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламалары қарар талаплары тийкарында қайта көрип шығылады және тастыйықланады.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен жумысы тоқтатылатуғын академиялық лицейлердиң жумыстан босайтуғын оқытыўшылары менен хызметкерлерин белгиленген тәртипте жумысқа орналастырыў илажлары көриледи.
Қарарда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы академиялық лицейлерде оқытыўдың сапасын арттырыў, талантлы жасларды таңлаў және мақсетли билимлендириўге бағдарлаў, жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын мүнәсип талабанларды мақсетли таярлаўға кең жол ашады.