Өзбекстан Республикасы Президентиниң 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көп этажлы имаратлардың биринши этажы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери болыўы көрсетилген, деп жазады ӨзА.

Жуўапкер шөлкемлер 2018-жыл 1-ноябрьге шекем аўыллық жерлерде бир неше көп этажлы турақ жай ямаса үйлер комплексинен ибарат жаңа комплекслерди жойбарластырыў нормативлери және тәртибин ислеп шығады. Көп этажлы турақ жайлардың биринши этажында ямаса айрықша имарат көринисинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болыўы бойынша усынысларын береди.

Қарарда төмендегилер белгиленди:

Аўыллық жерлерде бир неше көп этажлы турақ жайлар ямаса үйлер комплексинен ибарат жаңа қурылып атырған комплекслердеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ең кем көрсеткиши 50 орыннан кем болмайды.

Қурылған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имаратлары ямаса бөлмелери мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында, турақ жай мүлк ийелериниң қарарына муўапық шөлкемлестириў ушын пайдаланыўы мүмкин.

Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў, сапластырыў, оларға тийисли жер участкалары ҳәм көшпес мүлкти алып қойыў тек ғана Министрлик пенен келисилген ҳалда әмелге асырылады.

Келисилмеген ҳалда қарар қабыл еткен лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке тартылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги