Өзбекистан Републикасы Президентиниң қ а р а р ы
Уллы ойшыл Муҳаммад ал-Хорезмийдиң уллы ҳәм бийбаҳа мийрасын қәдирлеў, оны жас әўладтың санасына терең сиңдириў, оқыўшылардың анық пәнлердиң жоқары шеклерин ийелеўине көмеклесиў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласындағы талантларын анықлаў және қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Халық билимлендириў министрлигиниң Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги қарамағындағы Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектепти (буннан кейин Қәнигелестирилген мектеп деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер Қәнигелестирген мектептиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
улыўма орта билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында заманагөй ҳәм педагогикалық технологиялардан кеңнен пайдаланған ҳалда математика, физика, информатика ҳәм шет тили пәнлериниң терең оқытылыўын шөлкемлестириў;
оқыўшыларда бағдарламаластырыў тийкарларын, мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги көнликпелери менен медиа мәдениятты мектеп дәўиринен баслап қәлиплестириў;
жоқары кәсиплик шеберликке ийе болған педагогларды тартқан ҳалда оқыўшылардың жас математиклер, жас физиклер, жас бағдарламашылар, жас ойлап табыўшылар топарларын шөлкемлестириў, олардың республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында турақлы қатнасыўын тәмийинлеў;
оқыўшылардың шет тилин билиў дәрежесин тастыйықлайтуғын миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар алыўға таярлаў;
оқыў процесиниң өндирис ҳәм хызмет көрсетиў салалары менен үзиликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 10-11-класс оқыўшыларының мәлимлиме-коммуникация технология бағдарындағы жетекши шөлкемлерде өндирислик әмелият өтеўин шөлкемлестириў.
- 3. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:
Қәнигелестирилген мектепти Жоқары ҳәм орта аранўлы билимлендириў министрлиги системасындағы Ташкент мәмлекетлик экономика университети жанындағы анық пәнлерге қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби тийкарында шөлкемлестириў;
Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Тепамасжид көшеси, 4-жай мәнзилинде жайласқан Мырза Улығбек информатика кәсип-өнер колледжиниң имарат ҳәм объектлерин тийисли аймағы менен бирге Қәнигелестирилген мектепке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў;
Мырза Улығбек информатика кәсип-өнер колледжиниң 2-3-басқыш оқыўшылары Қәнигелестирилген мектеп имаратында оқыўын тамамлағанға шекем даўам еттириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 4. Қәнигелестирилген мектепке оқыўшылар Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги және мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын квота тийкарында 5-класстан баслап жазба ҳәм аўызеки сынаў нәтийжелерине бола таңлаў тийкарында қабыл етиледи;
Қәнигелестирилген мектептиң имаратларын оңлаў ҳәм реконструкциялаў, зәрүрлик болғанда жаңа имаратлар қурыў, класс ҳәм лаборатория бөлмелерин, китапхана ҳәм басқа да объектлерди заманагөй үскене, мебель, компьютер ҳәм басқа да оқыў-лаборатория қураллары менен үскенелеў, оқыў әдебиятлары ҳәм методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў, жоқары кәсиплик шеберликке ийе оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерди қосымша хошаметлеў Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының есабынан әмелге асырылады;
Қәнигелестирилген мектепти сақлаў менен байланыслы қәрежетлер белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылады.
- Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте:
Қәнигелестирилген мектепти мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарында жоқары маманлықтағы педагог кадрлар менен тәмийинлеў, оқыў-тәрбия процесин халықаралық үлгилер тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде оған Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң ҳәм Ташкент қаласындағы Инҳа университетиниң профессор-оқытыўшыларын белгиленген тәртипте тартсын;
бир ҳәпте мүддетте – Қәнигелестирилген мектептиң уставы тастыйықлансын және оны белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
үш ай мүддетте – республиканың мектеп жасындағы қәбилетли оқыўшыларына математика, физика ҳәм информатика пәнлерин интеграцияласқан ҳалда қамтып алған таңлаўдың нәтийжелерине бола берилетуғын «Муҳаммад ал-Хорезмий избасарлары» атындағы сыйлық шөлкемлестирсин.
- 2017-2018-оқыў жылынан баслап Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Қәнигелестирилген мектептиң талапларынан келип шыққан ҳалда, белгиленген тәртипте мектептиң китапхана фондын зәрүр сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарардан келип шыққан ҳалда, Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Халық билимлендириў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық 2017-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлерине тийисли өзгерислер киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 14-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектепти шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына
Т Ү С И Н И К
Заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының жедел раўажланып барыўы бул салада хызмет ететуғын кадрларды таярлаў мәселесин оғада әҳмийетли ўазыйпаға айландырды. Шет еллерде коммуникация технологиялары халық хожалығының барлық салаларына енгизилгени сиясий-жәмийетлик ҳәм экономикалық салалардың раўажланыўына да өзиниң тәсирин көрсетпекте.
Экономикалық көрсеткишлердиң унамлы өсими мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласына жаңадан-жаңа инвестициялардың киргизилиўине алып келеди. Ең әҳмийетли инвестиция болса, кадрларды таярлаўға, оларды жас ўақтынан таярлап барыўға үлкен итибар қаратыў болып табылады.
Уллы бабамыз Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестирилиўи де әне усы ўазыйпаны әмелге асырыўдағы дәслепки қәдем болмақта.
Өзбекистан Республикасында кейинги жылларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жәмийеттиң барлық салаларына, соның ишинде, мәмлекетлик басқарыў, жәмийет, билимлендириў, медицина тараўларына енгизиў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди усыныў бойынша ири реформалар әмелге асырылды ҳәм асырылмақта.
Бул мектептиң шөлкемлестирилиўи дәўирдиң әне усы талабына жуўап бере алатуғын кадрларды жаслайынан-ақ таярлап барыўға, тараўда жетик және заман талапларына жуўап беретуғын кадрлар таярлаўға тийкар жаратады.
Мектепти шөлемлестириўден тийкарғы мақсет – уллы бабамыз Муҳаммад ал-Хорезмийдиң уллы ҳәм бийбаҳа мийрасын қәдирлеў, үйрениў ҳәм изертлеў, оны жас әўладтың санасына терең сиңдириў, оқыўшыларға анық пәнлердиң жоқары шоққыларын ийелеў, баслағыш класстан баслап оқыўшылардың мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласындағы уқыбын анықлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар базасын жаратыўдан ибарат.
Қәнигелестирилген мектептиң тийкарғы ўазыйпалары етип – мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен тартқан ҳалда математика, физика, информатика ҳәм шет тили пәнлерин терең өзлестириўге ерисиў, оқыўшыларды бағдарламалаў тийкарлары, мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көнликпелерге ийе етиў, мәлимлеме ҳәм медиа және интеллектуаллық мәдениятты мектеп дәўиринен баслап қәлиплестириўден ибарат.
Сондай-ақ, бул тараўда жоқары кәсиплик шеберлигине ийе болған педагогларды және қәнигелерди тартқан ҳалда мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласының арнаўлы мектебин жаратыў, жас математиклер, жас физиклер, жас бағдарламашылар, жас ойлап табыўшылар топарларын дүзиў, олардың республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында турақлы ҳәм нәтийжели қатнасыўын тәмийинлеўди шөлкемлестириў де мектептиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири саналады.
Мектептиң алдына қойылып атырған талаплардан бири – әне усы мақсетлерге ерисиў ушын жоқары маманлыққа ийе, тараўының билимданы болған оқытыўшы-педагоглар базасын қәлиплестириў менен биргеликте, мектепте шет тилин оқытыўға да үлкен итибар қаратылғаны болып табылады.
Мектепте оқыў процесин халықаралық үлгилер тийкарында алып барыў мақсетинде оған Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң және Ташкент қаласындағы Инҳа университетиниң профессор-оқытыўшыларын да тартыў белгиленген.
Усы қарар менен мектепте билим алатуғын оқыўшыларға барлық шараятларды жаратыў менен биргеликте оларды қоллап-қуўатлаў, хошаметлеп барыў, мектеп жасындағы қәбилетли оқыўшыларға математика, физика ҳәм информатика пәнлерин интеграцияласқан ҳалда қамтып алған таңлаўлар өткериў, олардың нәтийжелерине бола берилетуғын «Муҳаммад ал-Хорезмий избасарлары» атындағы сыйлық шөлкемлестирилди.
Қәнигелестирилген мектептиң шөлкемлестирилиўи – республикада мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласында кадрлар таярлаў, келешек әўладты уллы бабаларымызға мүнәсип етип тәрбиялаў, дәўир талапларына исенимли жуўап бере алатуғын қәнигелерге болған үлкен талапты қанаатландырыўға хызмет етеди.