Нөкис қаласында жасайтуғын Г.Е. исимли ҳаял 26-август күни көп муғдардағы қаржы менен байланыслы алдаўшылық ҳалаты бойынша Ишки ислер органларына мүрәжат еткен, деп жазады Daryo.uz ИИМ жәмийетлишик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Мүрәжат етиўшиниң билдириўинше, усы жылдың январь айында Кегейли районында жасайтуғын Г.Г. исимли ҳаял оның үйинде биргеликте мәкке ҳәм гүриш алып-сатыў менен шуғылланыў, пайданы тең бөлисиўди ўәде етип, оннан 301 миллион сум алады.

Бирақ, усы күнге шекем берген ўәдесин орынламай, пулларды өз мәпи жолында пайдаланады.

Бул ҳалат бойынша пуқара Г.Г. қолға алынған. Ҳәзирги ўақытта тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги