Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасының Президенти Имомали Раҳмон 17-август күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында  Тәжикстан Республикасының Президенти Имомали Раҳмонды Өзбекстан Респубикасының Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Бурын хабар етилгениндей, сапар етиў барысындағы сөййлесиўлерде еки елдиң басшылары Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл 9-10-март күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыў барысын додалап, бирге ислесиўди буннан былай да раўажланыдырыўдың, оған узақ мүддетли ҳәм кең көлемли пәт ендириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентилери, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысады.

Сөйлесиўлер соңында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўин қабыл етиў, Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнаманы, түрли тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, өзбек ҳәм тәжик халықлары арасындағы дәстүрий туўысқанлық байланысларды беккемлеўге қаратылған салмақлы мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлер топламына қол қойыў режелестирилмекте.

Тәжикстан Президентиниң Өзбекстанға сапары бағдарламасынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов, Бас министр Абдулла Арипов пенен ушырасыўлар өткериў, Самарқанд қаласын зыярат етиў де орын алған.

ӨзА