2025-жыл ушын Ашық бюджет жойбарларының бөлистирилиўи тастыйықланды. Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги хабар берди.

Министрликтиң хабарына бола, басламалы бюджеттиң биринши мәўсимине 1-февраль күни старт бериледи. Биринши мәўсим жеңимпазлары 21-март күни жәрияланады. Биринши мәўсим 48 күн даўам етеди.

Басламалы бюджеттиң екинши мәўсими 15-июльде басланады ҳәм 30 күн даўам етеди. Екинши мәўсим жеңимпазлары 1-сентябрь күни жәрияланатуғыны белгиленген,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

                                                                        Қарақалпақстан хабар агентлиги