Салық комитетиниң мәлим етиўинше, бүгинги күнге шекем, шет тиллери бойынша халықаралық имтихан системаларынан С1 дәрежесиндеги сертификат алған 36,7 мың жасқа 67,6 млрд. сум имтихан тапсырыў қәрежетлери қаплап берилди.
Сондай-ақ, елимиздиң алыс ҳәм шетки аймақларындағы жасларға шет тиллерин оқытыўға қаратылған «Имканият» жойбары арқалы 58 оқыў орайына 2,9 млрд. сум (ҳәр бирине 50 млн.сумнан) ссуда қаржылары ажыратылып, қосымша 250 жаңа жумыс орны жаратылды.
Жойбарларды табыслы тамамлаған 2 мың жас жумыс пенен тәмийинленип, ең кеми менен 5 млн.сум айлық дәрамат таппақта. Олардың 700и халықаралық имтихан системаларынан С1 дәрежесиндеги сертификатқа ийе болды.
«Ибрат перзентлери» жойбары арқалы 1,4 млн. жас 23 шет тиллерин турақлы түрде үйренбекте, соннан 105 мыңға шамалас жаслар белгиленген курсты табыслы тамамлап, В2 дәрежесиндеги сертификатты қолға киргизди.
Тек ғана IELTS сертификаты бойынша Британия кеңесиниң усы жыл 10-декабрьдеги мағлыўматына бола, 5,5 ҳәм оннан жоқары балл алған жаслардың саны 2020-жылы 10 152 жасты қураған болса, быйылғы жылы 52 706ға жеткен. Яғный 4 жылда 5 есеге өсиў бақланған.
Сондай-ақ, 7-8 балл (С1 дәреже) ды қолға киргизгенлердиң саны 2020-жылы 1 807 жасты қураған болса, 2024-жылға келип 13 424ти қурамақта. Өз гезегинде бул 7,4 есеге өсиў бақланғанын аңлатады.
Қалаберди, 8,5-9 балл (С2 дәреже)ға ерискенлердиң саны болса 2020-жылы 14 болған, 2024-жылға келип олардың саны 332ге жеткен.
Ш.Маматуропова, ӨзА