Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Қытай сыртқы ислер министри Ван И менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында өз бетинде мәлим етти.
Сыртқы ислер министрлери пуқараларға еки мәмлекетке 30 күн даўамында визасыз саяхат етиў имканиятын беретуғын келисимге қол қойды.
«Бул ҳүжжет байланысларымызды және де жеделлестириў, саўда айланысын арттырыў ҳәм халықлар арасындағы қатнасықларды раўажландырыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып табылады», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги