Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов ҳәм «Sandoz» компаниясы ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, “Sandoz” – глобал фармацевтика компаниясы болып,  «Novartis» топарына тийисли. Бул компания тийкарынан, генерис дәри қураллары ҳәм биосимилер препаратлар ислеп шығарады. Компания дүнья бойлап денсаўлықты сақлаў системаларын арзан ҳәм нәтийжели дәри қураллары менен тәмийинлеўге жәрдем берип келеди.

Ушырасыўда Өзбекстан фармацевтика санаатын раўажландырыў, соның менен бир қатарда, биологиялық өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарында бирге ислесиў имканиятлары көрип шығылды. «Sandoz» компаниясы жергиликли ислеп шығарыўшы кәрханалар менен шәртнама тийкарында биоимилер ҳәм басқа фармацевтикалық өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм пост-маркетинг жумысын биргеликте әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирди, делинеди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мағлыўматында.

Жуўмағында тәреплер өз-ара мағлыўмат алмасыў ҳәм биргеликте жаңа жойбарлар үстинде ислесиўге келисип алды.

М.ҲОЖИАКБАРОВА, ӨзА