Владимир Путин еки күнлик мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға келди. Оны Астана аэропортында республика президенти Қасым-Жомарт Тоқаев күтип алды.

Кремлдиң хабар бериўинше, мәмлекет басшылары «стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын», атап айтқанда Қазақстанның КҚШШға, Россияның ҒМДА ҳәм БРИКСке басшылығын есапқа алған ҳалда раўажландырыў мәселелерин додалайды.

Бүгин Путин Астанада болып өтетуғын Коллектив қәўипсизлик кеңесиниң сессиясында қатнасады.

Мағлыўматларға бола, Путинниң сапары ўақтында Қазақстан пайтахтында қәўипсизлик илажлары кескин күшейген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги