Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2024-жыл 17-апрельдеги 122-санлы буйрығына тийкарланып «Мәрипат таратып» жойбары шеңберинде Қарақалпақ тили филологиясы ҳәм журналистика факультети “Журналистика” кафедрасының профессор-оқытыўшылары, докторантлар, магистрант ҳәм белсенди студентлер менен биргеликте Кегейли районындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде мийманда болды. Мектеп оқыўшылары менен ушырасып, руўхый-ағартыўшылық илажларын алып барыў менен бир қатарда, қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыў мүнәсибети менен оқыўшылар арасында “Тил – миллет көрки” атамасында дөретиўшилик жумыслар таңлаўы шөлкемлестирилди. Онда ана тилимиздин байлыгы, басқа тиллер менен қатнасы оны сақлаўдың әҳмийети ҳәм раўажландырыў бойынша оқыўшылар өз пикирлерин билдирди. Олар арасында белсендилик көрсеткен бир топар қәбилетли жаслар китаплар менен сыйлықланды.
Бундай ушырасыўлардан бизлер руўхый азық пенен қоса мотивация да аламыз дейди 1-орынға ылайық деп табылган Гүлферуз Абибуллаева . Устазлардың дурыс кәсип таңлаў, өз үстинде ислеў, китап оқыў, заманагөй технологиялардан ақылга уғрас пайдаланыў, медиасаўатлылық бойынша айтқан пикирлер бизлерде үлкен тәсир қалдырды.
Бундай илажларды өткериўден мақсет, оқыўшыларға университетимиз ҳаққында кеңнен мағлыўматлар бериў менен бир қатарда, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм қызықтырыў болып табылады. Илаж жуўмағында бул илажды шөлкемлестириўши журналистика кафедрасы профессор-оқытыўшылары К.Тлеуов, М.Темирбаева, журналистика тәлим бағдарының белсенди студенти Т.Бабаниязовалар өз сөзлеринде мектеп оқыўшыларына табыслар тилеп, келешекте олардың турмыста өз кәсибин ийелеўде өз мәсләҳәтлерин бериўден шаршамайтуғынын айтып өтти.
К.Тлеуов,
М.Темирбаева,
ҚМУдың журналистика кафедрасының оқытыўшылары
Қарақалпақстан хабар агентлиги