«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў илажлары елимиз бойлап көтериңкилик руўхта даўам етпекте.

Шоманай районындағы барлық кәрхана, шөлкем хызметкерлери Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтетуғын халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомагистраль жолы бойында өткерилген “Жасыл мәкан” акциясына қатнасты.

Бул акция шеңберинде хызметкерлер жол шетлерин қуўраған шөплерден тазалап, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин отырғызды. Бул ҳәрекет тек ғана районның гөззаллығын арттырыўға емес, ал ҳаўаның сапасын жақсылаўға, экологиялық орталықты сақлаўға да үлкен үлес қосады.

“Жасыл мәкан” акциясы Президентимиздиң басламасы менен басланған болып, мәмлекетимиз бойлап кең көлемде алып барылмақта. Шоманай районында да бул басламаға үлкен итибар қаратылмақта. Кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлериниң бул басламада белсене қатнасыўы районның жасыл аймаққа айланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе.

“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў жумыслары Қанлыкөл районындағы Қанлыкөл ППЖ жанынан өтиўши А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” халықаралық автомобиль жолы бойында да алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги