Президентимиздиң қарары менен мәмлекетимиз экономикасының стратегиялық тармағы ретинде туризмди жедел раўажландырыў ушын қолайлы экономикалық, шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратылып, аймақлардың туризм потенциалынан және де толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылмақта. Туризм тараўындағы өзгерислер миллий экономиканы раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларының бири болып, ол да аймақлардың жедел раўажланыўы ушын үлкен имканият жаратады.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде усы мәселелерге бағышланған мәжилис өткерилди.
Тиккелей ҳәм онлайн тәризинде өткерилген бул мәжилисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы жанындағы “Касаба сайр” сыңар кәрханасының директоры Тўлқин Хидиров, Қарақалпақстан Республикалық, қалалық ҳәм районлық кеңеслери, барлық тараўлардағы ҳәм ири шөлкемлердеги кәсиплик аўқамы комитетлериниң баслықлары қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы У.Жалменов, кәрхана директоры Т.Хидиров шығып сөйлеп, 2017-жылдан берли елимизде Президентимиздиң басшылығында туризм тараўында ири реформалар әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Атап өтилгениндей, 2015-жылда республика бойынша бир күнниң өзинде 10 мың 200 саяхатшы қабыл етилген. Ҳәзирги күнге келип бул көрсеткиш 70 мыңнан асты. Бул туристлер ағымы барған сайын артып атырғанын көрсетеди.
Мәжилисте Бухара, Ҳийўа, Самарқанд ҳәм басқа да қалалардағы, Қарақалпақстандағы тарийхый, дыққатқа ылайық орынлар, мийманханалар ҳәм басқа да ишки туризмди раўажландырыў мүмкиншиликлери туўралы мағлыўматлар берилди. Кәсиплик аўқамларының бул тараўды раўажландырыўға қосып атырған үлеси де атап өтилди.
– Усы жерде бүгинги күнде туризм дүньядағы ең актуал ҳәм керекли тараў сыпатында алдыңғы тараўлардың бирине айланғанын атап өтиў керек. Егер дүнья бойынша нәтийжелерге қарайтуғын болсақ, Франция бул бойынша жетекши. АҚШ екинши, Испания да артта қалып атырғаны жоқ. Өзбекстан да усы тараўда өз жолын тапты. Туризм инфраструктурасы раўажланып атыр. Буннан тысқары ишки туризм, экотуризм, мәдений, зыярат, гастрономиялық ҳәм басқа көплеген туризм түрлери жедел раўажланбақта,-дейди Т.Хидиров.
Мәжилисте қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги