Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жайбарының гүзги мәўсиминде әмелге асырылатуғын жумысларды сапалы өткериў бойынша анық мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Шоманай районында да «Жасыл мәкан» акциясы шеңбериндеги илажлар қызғын алып барылмақта. 2024-жылғы гүзги мәўсимде 3495 түп терек нәллерин егиў режелестирилген.
Соннан Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектепте 100 түп терек ҳәм 200 түп тут нәллерин егиў режелестирилген. Бул жерде мектеп жәмәәтиниң қатнасыўында Өзбекстан экология партиясы районлық бөлими менен биргеликте терек ҳәм тут нәллери егилди.
Акцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Атажанов қатнасты.
Бундай илаж райондағы кәсип-өнер мектеби ҳәм 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де өткерилди.
Қәнигелестирилген мектеп жәмәәти абаданластырыў жумысларын өзгеше заўық ҳәм қызығыўшылық пенен әмелге асырып, мектептиң әтирапына климатқа тез бейимлесетуғын мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Ата-бабаларымыз бир теректи кессең он терек ек, деп бийкарға айтпаған. Жылдан-жылға экологиялық жағдай кескинлесип атырған, шөллениў ҳәм қурғақшылық барған сайын күшейип атырған бир ўақытта ҳәр бир қыйтақ жерге нәл егиў, оны тәрбиялаў арқалы экологиялық апатшылықтың алдын алыў ҳәр биримиздиң миннетимиз болып болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги