Президент Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни халықты ҳәм экономика тармақларын энергия менен үзликсиз тәмийинлеў, тараў кәрханаларында нәтийжелиликти арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бул бағдарда 10-июнь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде ўазыйпалар белгиленген еди. Жуўапкерлер усы тийкарда әмелге асырылған жумыслар, гүзги-қысқы мәўсимге көрилген таярлық туўралы мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, халықтың ҳәм экономика тармақларының өсип атырған талабына сәйкес көлемде газ жеткерип берилмекте. Тармақлар модернизацияланып атырғанлығы, экономикада энергия нәтийжелилиги артып атырғанлығы нәтийжесинде жоғалтыўлар азаймақта. Мысалы, соңғы жыллары санаат өнимлери ислеп шығарыў ушын газ жумсаў 1,6 есеге азайған.

Алдымызда оғада көп ўазыйпалар бар. Ҳәзирги мәўсим ҳәм алдағы жылларда халықты энергия дереклери менен турақлы тәмийинлеў, буның ушын жетерли қоймахана таярлаў керек.

Мәжилисте усы мәселелер тармақлар кесиминде талқыланды.

Быйыл қыс мәўсиминде тутыныўшыларға 21 миллиард куб метр газ жеткерип бериў есап-санақ етилген. Ҳаўа райы кескин түсип кетсе, халықтың талабы оғада артады. Жуўапкерлер бул бағдарда режелерди айма-ай ҳәм районлар кесиминде баян етти.

Социаллық мәкемелер ҳәм кәрханаларды энергия менен үзликсик тәмийинлеў ушын өз алдына запас есапқа алынған. Усы тәбийғый газди ыссылық электр станциялары, химия ҳәм металлургия кәрханалары, газ қуйыў шақапшаларына мәнзилли жеткериў бойынша система қурылған.

Тармақларда газ есабы ҳәм қадағалаў бойынша басланған жумысларды қатаң даўам еттирип, шығындыларды және де азайтыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Андижан, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында газди үнемлеў бойынша анықланған имканиятларды басқа аймақларда да әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге жумысты район ҳәм мәҳәллелер көлеминде шөлкемлестирип, энергия тәмийнаты менен байланыслы мәселелерди орында шешиў, талап ҳәм тутыныўды муўапықластырып, үзилислердиң алдын алыў бойынша көрсетпелер берди.

Мәжилисте газ тараўындағы трансформация процесслерине де тоқтап өтилди. Тармақ кәрханалары халықаралық финанс базарына шығып, модернизация ушын қаржыларды еркин кеңнен тартыўы белгиленди.

Газ тармақларын жаңалаў ҳәм тәртипке салыўда ең үлкен имканият – санластырыў ҳәм жеке меншик шериклик. Усы көз қарастан, тармаққа жеке меншик операторларды кеңнен тартыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Президент ҳәр бир тармақ ҳәм оның кәрханалары кесиминде өзине түсер баҳасын азайтыў, қәрежетти оптималластырыў ҳәм трансформация процесин тезлестириў бойынша тапсырмалар берди. Жетекши сырт ел компанияларды кеңнен тартып, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги айтылды.

ӨзА