18-ноябрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн
Байрақ әййем-әййемнен ҳәр бир халықта ғәрезсизлик, азатлық, тынышлық ҳәм турақлылық белгиси болып келген. Атап айтқанда, ата-бабаларымыз ел байрағын муқаддес билип оны ардақлаған, көз қарашығындай сақлаған.
Ҳәзирги күнде БМШ имаратында ағза болған 193 ғәрезсиз мәмлекеттиң қатарында Өзбекстанның да байрағы желбиреп тур. Негизинде ҳәр бир байрақтың өз тарийхы, ол тийисли болған ўатан суўрети менен келбетине үнлес көриниси бар.
Байрағымыздағы ҳәр бир рең, ҳәр бир белги өзине тән мәниге ийе. Ондағы аспан көк рең күш-қүдиретти, тынышлық ҳәм турақлылықты өзинде сәўлелендиреди. Ақ рең пәклик, ашық кеўилликти билдирип келген. Жасыл рең болса, жасарыў ҳәм жаңаланыў белгиси, соның менен бирге ана тәбиятымыз, әсирлерге тең қәдириятларымыз, ийман-исенимимиз тымсалы болып есапланады. Қызыл сызықлар тамырымыздағы ата-бабалар қаны – мәңгилик белгиси болып есапланады.
Байрақ атамасы ески түркий атама болып, ол буннан мың жыллар алдын да мине усы мәниде қолланған. Тилшилердиң айтыўынша, бул атама әййемги түркшеде базырақ, бадырақ, батырақ тәризинде де қолланған. Яғный, байрақ қандай да бир ел-халық, қәўимниң еркинлик белгиси болып, ол бийик орынларға, ҳүкимдарлардың шатырына орнатып, шаншып (батырып) қойылған. Оны туў, жалаў, саншақ атлары менен де атаған.
Тарийхымызда ҳүким сүрген ҳәр қыйлы династиялар, мәмлекетлер де өз байрақларына ийе болған. Мәселен, әййемги Көктүрк қағанатлығы, Әмир Темур мәмлекети байрағы аспан көк, әййемги ата-бабаларымыз болған хунлардың байрағы ақ, Ғазнаўийлер мәмлекети, Қоқанд ханлығының байрақлары жасыл, Түркстан автономиясының байрағы көк ҳәм қызыл реңлерде еди. Байрағымызды қабыл етиўде реңлерди белгилеўде тарийхый дәстүрлеримизге айрықша итибар берилген.
Ярым ай ҳәм жулдызлар мәмлекет байрақларында жүдә кең тарқалған белгилер болып есапланады. Бул белгилер өзбек мәмлекетшилигиниң тарийхында көп ғана мәмлекет байрақларында өз көринисин тапқан. Өзбекстан байрағындағы ярым ай ҳәм он еки жулдыз да өзине тән мазмун-мәни ийелейди.
Әййемнен аспанда жаңа ай көрингенде жақсы нийетлер билдириў көп ғана түркий халықларға сай болып есапланады. Ярым ай жақсылық, арзыў-үмитлер, өмирлик дәстүрлер ҳәм Ислам дининиң белгиси болып есапланады. Әййемги Шығыста әййемнен он еки саны жетикликти, кәмилликти билдирип келген. Он еки ай, он еки жулдыз… «Темур түзиклери»нде жазылыўынша, Саҳыпқыран өз салтанатын он еки тайпадағы адамлар менен беккемленген, мәмлекет басқарыўында он еки принципке қатаң әмел еткен. Әзелден он еки жасқа толған нәресте бир мүшел жасаған, ер жеткен болып есапланады.
Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатында да байрақ мәмлекет ҳәм миллеттиң мақтанышы болып есапланған. Үш айланба белгиси түсирилген мәмлекет туғы Саҳыпқыран әскериндеги ең исенимли баҳадырлар, сәркардалар тәрепинен қорықланған. Душпанларға қарсы урысларда жоқары мәртлик ҳәм жигерлилик үлгисин көрсеткен әмир менен әскерий адамларға да арнаўлы туў ҳәм дәп саўға етилгени тарийхый дәреклерде өз көринисин тапқан.
Жақын тарийхымызға нәзер салатуғын болсақ, еле бурынғы система ўақтында-ақ, 1990-жылдың март айында өткен парламент сессиясында елимиздиң мәмлекетлик белгилери ҳаққындағы мәселе додаланған еди. Сол жылдың 20-июнь күни қабыл етилген Ғәрезсизлик декларациясында да Өзбекстан өз раўажланыў жолын өзи белгилеўи, байрақ, герб, гимн сыяқлы белгилерди өзиниң жаратыўы атап өтилди.
Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискен дәслепки ўақытта – 1991-жылдың 18-ноябринде Мәмлекетлик байрақ ҳаққындағы нызам қабыл етилди. Бул нызамға бола, байрағымыз мәмлекетлик суверенитетиниң белгиси болып қалды.
2018-жылдың октябрь айында байрағымыз және бир халықаралық шөлкем – Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси (ҳәзирде Түркий мәмлекетлер шөлкеми)нен де орын алды.
Бул халықаралық шөлкем байрағы да оған ағза болған мәмлекетлердиң байрақларындағы реңлер ҳәм түрлер үнлеслигинен дүзилген. Түркий кеңес туўындағы ақ ҳәм аспан көк рең, ярым ай көриниси ўатанымыз байрағына үнлес болып есапланады.
…Ҳеш есимнен шықпайды: буннан төрт-бес жыл алдын өзбекстанлы бир топар журналистлер тәжирийбе арттырыў ушын Түркия Республикасына барған едик. Түркий халықлардың мәдений бирге ислесиў шөлкеми – ТҮРКСАЙ имаратында өткерилген илаж ўақтында Өзбекстан байрағын көрип, барлығымыз толқынланып кетип, усы байрақ алдында бирме-бир сүўретке түскен едик. Мен сол ўақытта ҳеш бир жумысты қатырып ислемеген едим, бирақ басқа еллерде, халықаралық спорт беллесиўлеринде жеңимпаз болған спортшыларымыздың атына ўатан байрағы бийик көтерилген ўақытта қандай жағдайға түсиўин бир мәрте болса да, көз алдыма келтиргенмен.
Ҳәзирги күнде халқымыздың, жасларымыздың байраққа, миллий белгилерге болған меҳири, садықлығы артып атырғанын көрип, қуўанып кетемиз. Мәселен, буннан үш-төрт жыл алдын жаз айларында бир қоңсы мәмлекеттеги жарыс ўақтында төреши өзбек байрағына ҳүрметсизлик көрсеткени пүткил социаллық тармақларды силкиндирген, соңында төреши интернет арқалы шығып, пүткил өзбек халқынан кеширим сораған еди…
Қулласы, Байрақ күни бәршеңизге мүбәрек болсын…
Рустам ЖАББОРОВ.
ӨзА