Мәмлекетлик белгилер ҳәмийше муқаддес ҳәм уллы болып табылады. Өйткени, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде сәўлелендирген Ўатанымыздың жарқын келбети есапланады.
Быйыл ғәрезсиз Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 33 жыл толмақта.
Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашының 1991-жыл 18-ноябрьдеги гезектен тыс VII сессиясында тастыйықланған мәмлекетлик байрақ – мәмлекетлик суверенитеттиң символы болып, ол жер жүзиниң усы аймақларында ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекети бар екенлигин аңлатады ҳәм өзинде миллий-мәдений дәстүрлеримизди жәмлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги