Климат өзгериўи себепли пайда болып атырған экология машқалалары пүткил дүнья бойлап әҳмийетли түс алып атырған бир ўақытта, суў қәўипсизлигин тәмийинлеў, соның ишинде, Өзбекстан ушын да әҳмийетли мәселелерден бирине айланған. Ҳәзирги күнде Республикамыз аймағындағы суўдың 80 проценттен көби ағым жоқарысында жайласқан коңсы мәмлекетлерден келеди. Қайта тикленетуғын душшы суў дәреклериниң тек ғана 22 проценти мәмлекет ишинде жайласқан. Халықтың жан басына суў ресурсларынан пайдаланыў орташа көрсеткиштиң 57 процентти қурайды. Жәҳән ресурслары институты (WRI)ның мағлыўматына бола, Өзбекстан суў тәсирине бейим 25 мәмлекет қатарына киреди. Бизде климат өзгериўи суў жетиспеўшилиги машқаласын тек ғана қыйынластырады. Соның ушын мәмлекетимиз басшылығы тәрепинен суў нәтийжелилигин арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Макроэкономикалық ҳәм регионаллық изертлеўлер институтының таллаўына бола, соңғы бес жыл республикамызда суўды үнемлеўши технология қолланатуғын майдан 7,7 есеге көбейип, бундай аймақлар қамтылыўы 1 миллион гектарға жетти. Соннан 398 мың гектары тамшылатып суўғарылатуғын, 31 мың гектары жаўынлы суўғарылатуғын майдан. 16 мың гектар майданда болса дискрет суўғарыў усылы енгизилди. Ҳәзир Өзбекстан суўды үнемлеўши технология енгизилген майданлар бойынша дүньядағы 10 жетекши мәмлекет қатарында Израил, АҚШ, Россия Федерациясы, Испания, Бразилия ҳәм Италиядан кейин 7-орынды ийелеген.
Мәмлекетимизде өз хожалығында суўды үнемлейтуғын технология орнатыў тилегиндеги пуқараларға субсидия бериў әмелияты бар.
2019-жыл аўыл хожалығы кәрханалары ушын 137,9 миллиард сум субсидия ажыратылған болса, 2020-жыл бул көрсеткиш 251,6 миллиард, 2021-жыл болса 899,4 миллиард сумға шекем арттырылды. Соның ишинде, 754,4 миллиард сум субсидия пахта майданында суўды үнемлеў ушын берилген.
Ғ.Хонназаров таярлады.
ӨзА