Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Сандра Саржент басшылығындағы Жәҳән банки делегациясы менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда IT – билимлендириўин раўажландырыў, мәмлекеттиң санлы инклюзиясын арттырыў ҳәм IT-билимлендириў бағдарламасын және де жетилистириў бойынша кең көлемли мәселелерге итибар қаратылды.

Сондай-ақ, Жәҳән банки  тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған «Uzbekistan Digital Inclusion» жойбары додаланды. Бул жойбар мәмлекетте санлы инклюзияны кеңейтиў, яғный технологиялар ҳәм санлы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын халық ушын кеңирек ашып бериўге қаратылған.

Жойбар шеңберинде аймақлар халықтың IT-технологияларға кириў имканиятларын кеңейтиў, санлы бөлиниўди  азайтыў, сондай-ақ, барлық социаллық топарлар ушын санлы инфраструктураны раўажландырыў нәзерде тутылған.

Бул жойбар, бәринен бурын, Өзбекстандағы технологиялық өзгерислерди тереңлестириўге хызмет етеди. Мәмлекет аймақларында интернет ҳәм технологиялар менен тең тәмийинлениў дәрежесин арттырыў арқалы халықтың түрли қатламларына санлы дүньядан пайдаланыў имканиятларын жаратады.

Ушырасыў даўамында IT-билимлендириў тараўындағы басламалар әҳмийетли темалардан бири сыпатында көрип шығылды. Тәреплер Өзбекстанның IT-билимлендириў тараўын күшейтиўге қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселесин толық додалады.

Нигора Раҳмонова, ӨзА