Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги Әскерий ҳәм пуқаралық картография уйымлары  басшыларының 1-мәжилиси болып өтти.

Усы жылдың 30-сентябрь – 1-октябрь күнлери Түркия Республикасының пайтахты Анкара қаласында Өзбекстан Республикасы кадастр агентлигиниң директоры Ф.Пулатов басшылығындағы делегация Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) шеңбериндеги Әскерий ҳәм пуқаралық картография уйымларының биринши басшылық ушырасыўында қатнасты, деп хабар берди агентликтиң баспасөз хызмети.

Хабарға бола,  илаждың басында шығып сөйлеген Миллий қорғаныў министриниң орынбасары Шуай Алпай өз-ара бирге ислесиўди түркий дүньяның әҳмийетли қәдеми деп атап өткен.

Атап өтилиўинше, мәжилис күн тәртибинен:

– ТМШға ағза мәмлекетлердиң тараўдағы жумысы ҳәм стратегиялары менен танысыў ;

– геодезия ҳәм картография жумысы менен танысыў;

– усы бағдарда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар менен қатнасыўшыларды таныстырыў сыяқлы мәселелер орын алған.

Сондай-ақ,  илаж шеңберинде бир қатар уйым басшылары менен ушырасыўлар болып өткен.

Соның ишинде,  Кадастр агентлиги ҳәм Түркия жерди дизимге алыў ҳәм кадастр бас басқармасы арасында уйымлараралық ушырасыў өткерилген.

Быйылғы жылдың  6-июнь сәнесинде Өзбекстан-Түркия  жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Кадастр агентлиги  ҳәм Түркия Республикасы Қоршаған орталық, қала қурылысы ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Жерди дизимге алыў ҳәм кадастр бас директоры арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққында Протоколдың орынланыўы бойынша  көшпели мүлкти дизимге алыў, мәмлекетлик хызметлер, мәлимлеме системалары, тараўға байланыслы нормативлик хуқықый хүжжетлер ҳәм маманлығын арттырыў бағдарларында тәжирийбе  алмасыў нәзерде тутылған уйымлараралық Ҳәрекетлер режесине қол қойылған.

ӨзА