Бакуде 9-11-сентябрь күнлери Түркий мәмлекетлер шөлкеми тәрепинен дүзилген Түрк дүньясының бирден-бир әлипбеси бойынша комиссиясының 3 – мәжилиси болып өтти. Онда  тараўда билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, комиссияның  еки жыллық тәжирийбеси тийкарында  түркий тиллер ушын улыўма әлипбе жойбары үстинде ислесиўди жуўмақлаў додаланды.

Мәжилисте илимпазлар тәрепинен 1991-жылы усыныс етилген латын әлипбесине тийкарланған улыўма түркий әлипбе жойбары көрип шығылды. Додалаўлардың нәтийжесинде 34 ҳәриптен ибарат улыўма  түркий әлипбе бойынша келисимге ерисилди. Әлипбедеги ҳәр бир ҳәрип түркий тиллерде бар болған түрли феноменлерди көрсетиўге айрықша итибар  қаратылды.

«Жеке таллаў» жойбарының бул гезектеги санында биз Ташкент мәмлекетлик Шығыстаныў университети Түрктаныўшы институтының директоры, филология илимлериниң кандидаты, профессор Жумали Шабанов пенен бүгинги латын әлипбесиндеги кемшиликлер, өзбек тилинде ис жүргизиўде кесент ететуғын  факторлар ҳаққында толық сәўбетлестик.

М.Турдалиева, А.Аҳмедов, ӨзА