Өзбекстан ҳәм Қытай арасында көп тәреплеме стратегиялық байланыслар жаңа басқышқа көтерилди. Бул еки мәмлекет басшыларының ис-ҳәрекетлери нәтийжеси болып есапланады.
Бул Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси Пүткил Қытай комитетиниң баслығы Ван Хунин ушырасыўында атап өтилди.
Сәўбет даўамында билимлендириў, инновация, туризм, аўыл хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша өз-ара бирге ислесиў режелери додаланды.
Соның менен бирге, саўда-экономикалық, технология ҳәм транспорт ҳәм энергетика, санаат кооперациялары бағдарындағы үлкен жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ҳаққында пикир алысты.
Парламентлераралық байланысларды үзликсиз даўам еттириў, дослық топарлары жумысын жеделлестириў ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымлары арасындағы бирге ислесиўге қаратылған бағдарламаларды қабыллаўға келисип алынды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы