Туризм комитетиниң хабар бериўинше, Токио қаласында «БМШ – Туризм» менен биргеликте болып өткен 7 – халықаралық туризм министрлериниң дөгерек сәўбетинде Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев қатнасты.
Илажда, сондай-ақ, Япония, Греция, АҚШ, Малайзия, Аргентина, Болгария, Черногория, Индонезия, Филиппин ҳәм басқа мәмлекетлердиң туризм министрлери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.
Ушырасыўда додаланған тийкарғы темалар жаңа туристлик маршрутларды жаратыў, жаслардың туризмдеги ролин ҳәм турақлы туризмди раўажландырыў болып есапланады.
Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы қатнасыўшыларды туризм тараўындағы реформалар, жаңа бағдарларды раўажландырыў ҳәм сырт елли туристлерди тартыў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған илажлар менен таныстырды.
Б.Худойбердиев, ӨзА