Түркия – Өзбекстан үшинши билимлендириў форумы шеңберинде ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының Самарқандта өткерилиўине байланыслы үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
Үгит-нәсиятлаў илажында үш жүзге шамалас қатнасыўшылар, соның ишинде, Түркияның ЮНЕСКО миллий офисиниң басшылығы, Түркия жоқары билимлендириў кеңесиниң баслығы Эрол Ўзвар басшылығында 50 Түркияның жетекши жоқары орынларының басшылары қатнасты.
Форум Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелери, сондай-ақ, ЮНЕСКОның дүнья билимин раўажландырыўдағы ролин додалаў ушын әҳмийетли майданға айланды. Қатнасыўшылар болажақ конференция мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды беккемлеў ҳәм билимлендириў тараўындағы басламалардың сапасын арттырыўда әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Қәнигелер келешектеги бирге ислесиўди додалап, билимлендириў стандартларын жетилистириў ҳәм билимлендириў процесине заманагөй технологияларды интеграцияластырыўға жәрдем беретуғын биргеликтеги бағдарламалар ҳәм тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Илаж Өзбекстан ҳәм Түркия университетлери арасындағы тығыз бирге ислесиў жолында әҳмийетли қәдем болды ҳәм бул өз гезегинде регионда билимлендириўдиң раўажланыўына хызмет етеди.
ӨзА