Бүгинги күни Президентимиздиң айрықша қоллап-қуўатлаўы менен мәмлекетимизде спорт түрлерин, соның ишинде, бокс түрин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усының нәтийжесинде Өзбекстан дүнья жүзинде жетекши орынды ийелеп келмекте.
Белгили спорт ветераны Зарипбай Алланиязовтың басламасы менен 2004-жылы Нөкис қаласындағы Ақжағыс мәкан пуқаралар жыйыны аймағында спорт зал қурылып, жас спортшылардың ийгилиги ушын пайдаланыўға берилген еди. Мине, өткен дәўир ишинде бир нешше халықаралық турнирлердиң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары бириншиликлериниң жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери жетилисип шықты.
Жақында бул жерде муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланып бокс бойынша ашық турнир болып өтти. Онда Нөкис қаласынан тысқары бир қатар районлардан да 200 ден аслам жас боксши қатнасты. Жеңимпазлар қатарында усы спорт залда тәрбияланып атырған бир қатар спортшылар да сыйлы орынларды ийеледи.
Атап айтқанда, усы бокс мектебиниң тәрбияланыўшыларынан Жәҳәнгир Азатов, Бунёдбек Оразбаев, Иляс Мақсетов, Бекберген Рахатов, Кудайназар Едилбаев, Руслан Базарбаевлар өз салмақ категорияларында биринши, Мийрамбек Амангелдиев, Сардар Кенжебаев, Тилеклес Артықбаевлар екинши, Муҳаммед Жумабаев, Нурлан Муратбаевлар үшинши орынларды ийедеди. Бул спортшыларды жарысқа тренерлерден Зарипбай Алланиязов, Өтеген Ерлепесов ҳәм Айдос Төреевлар таярлады.
-Бул жерде тренеримизден Зарипбай Алланиязов ҳәм Өтеген Ерлепесовлардың басшылығында бокс сырларын үйренип атырмыз,-дейди келешеиген үмит күттиретуғын жаслардан бири, Нөкис қаласындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Сәрдарбек Генжебаев.- Бүгинги күнге шекем Нөкис қаласында, бир қатар районларда болып өткен жарыслар да қатнасып, сыйлы орынларды ийеледим. Өткен жарыста екинши орынды ийеледим. Мақсетим келешекте Баҳадыр Жалалов, Хасанбай Досматов сыяқлы Олимпиада чемпионы болыў.
-Аймағымызда спортқа, соның ишинде, бокске қызығатуғын жаслар көпшиликти қурайды,-дейди белгили спорт ветераны Зарипбай Алланиязов.- Деген менен, олардың қала орайындағы спорт залға қатнап шуғылланыўы ушын имканияты жоқ еди. Усыларды есапқа алған ҳалда, аймағымыздан спорт зал ашыўды мақсет еттик. Бизлердиң бул басламамызды ата-аналар да қоллап-қуўатлады. Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қарары менен 30 сотих жер майданы ажыратылып, көмек жолы менен 28×12 көлеминдеги спорт зал, спортшылардың кийиниў ҳәм шешиниў ханасы, монша қурып, пайдаланыўға тапсырылды. Бокс пенен шуғылланыў ушын керекли болған инвентарлар менен тәмийинленди. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы бурынғы Балалар спортын раўажландырыў қоры тәрепинен спорт залға ринг саўға етти.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы 2-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен, республикалық спорттың жекпе-жек түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен 3 тренердиң басшылығында бир нешше балалар бокс пенен шуғылланып келмекте.
Жақында бокс залында оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумысларда исбилермен Мухтар Пирназаров жақыннан жәрдем берди. Оған шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Деген менен, бул жеткиликсиз. Спорт зал әтирапында еле де оңлаў жумысларын алып барыў талап етиледи. Сонлықтанда, республикамыз ҳәм Нөкис қааласы басшыларынан усы бокс залын оңлаўда, спорт инвертарлары менен тәмийинлеўде, салықларды төлеўде жәрдем берилсе, мақсетке муўапық болар еди. Себеби аймақ балаларының сүйикли орынларының бирине айланған бокс спорт залында шараят жетерли емес. Пурсаттан пайдаланып бәрше кәсиплеслеримизди, устаз-теренерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлайман. Олардың машақатлы жумысларында табыслар тилеймен.
Спорт жанкүйери Зарипбай Алланиязовтың басламасы менен қурылған бокс спорт залында да айырым машқалалар сапластырылып, жетерли шараят жаратылып берилсе, бул жерден де келешекте Олимпиада, жәҳән ҳәм Азия чемпионлары жетилисип шығыўына гүман жоқ.
Қарақалпақстан хабар агентлиги