Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул ҳаққында палатаның баспасөз хызмети хабар берди.

Усы нызам жойбары менен карантин астындағы өнимлерди зыянсызландырыў (фумигация) жумысын лицензиялаў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны, лицензиялаў менен байланыслы ўәкилликлер болса Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине бериледи.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимди зыянсызландырыў (фумигация) жумысында бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм бул илажлардың нәтийжелилигин арттырыў да нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, фумигация жумысының қоршаған орталыққа ҳәм фумигацияланып атырған өнимге тәсири аз болған усылларын енгизиў мақсетинде фитосанитариялық зыянсызландырыў хызметлерин жеке меншик секторға өткериў нәзерде тутылмақта.

Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи карантин асты өнимлерин фитосанитариялық зыянсызландырыў жумысының нәтийжелилигин аттырыўға, атап айтқанда, фитосанитариялық зыянсызландырыўдың жаңа усылларын енгизиўге, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң өмири, денсаўлығы ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин басқарыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги