«Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен жаслар арасында исбилерменликти және де  ғалабаластырыў ҳәм жас исбилерменлердиң  қатарын арттырыў мақсетинде «Жас исбилермен» таӊлаўыныӊ Нѳкис қалалық басқышы болып ѳтти.

Таӊлаўды Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нѳкис қалалық бѳлими ҳәм «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы  филиалы ўәкиллери биргеликте бақлап барды.

20 дан аслам таӊлаў қатнасыўшылары Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған арнаўлы тест сораўлары тийкарында сынақтан ѳткерилди. Таӊлаў жуўмағы бойынша еӊ жоқары балл топлай алған, ѳзиниӊ еӊ жақсы бизнес идеяларына ийе жаслар Республикалық басқышқа жоллама алды.


Мағлыўмат ушын, «Жас исбилермен» таӊлаўыныӊ республикалық басқышы жеӊимпазлары ҳәм қатнасыўшылар 50,40,30 миллион сум муғдарындағы пул утысларына, сырт елде тәжирийбе арттырыў ушын жолламаға ҳәм бизнес жойбары ушын базалық есаплаў муғдарының  мыӊ есесине шекемги муғдарда жеӊиллетилген кредит ажыратыў бойынша усыныс алыў имканиятына ийе болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги