«Исбилермен ҳаял-2024» таңлаўының Кегейли районлық басқышы болып өтти. Таңлаўда районда жумыс алып барып атырған 10 ға шамалас исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өзлериниң өнимлери менен қатнасты.
Таңлаўды өткериўден мақсет-мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, сиясий процесслердиң мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў, киши бизнес ҳәм жеке сектордың раўажланыўында белсене қатнасып атырған белсенди исбилермен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ўатанымыз келешеги жолындағы умтылыслары менен изленислерин хошаметлеў арқалы бүгинги дәўирдиң заманагөй исбилермен ҳаял-қызларының келбетин жаратыў болып есапланады.
Төрешилер ағзалары таңлаў даўамында исбилермен , фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлардың жумыслары менен жақыннан танысып, олардың усы күнге шекемги табыслары ҳәм имканиятлары, келешектеги режелери ҳаққында пикирлести. Таңлаў жуўмағында «Гүлбағ-лалазар» фермер хожалығы биринши орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.
-Жумысымыз фермер хожалыққа бағдарланған болып, тийкарынан пал ҳәррешилиги, нәл жетистириў, биогомус ҳәм пияздың Египет сортын жетистириў менен шуғылланамыз. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша 3,5 милиард сумлық тоғыз атамадағы техника грантын утып алып хызмет көрсетип келмектемиз. Буннан тысқары бағ жаратыў мақсетинде 280 миллион сумлық грантқа 2 гектар жерге 1100 түп ерте писер ерик ҳәм алмурт нәллериде таярланбақта. Алдағы ўақытларда жумыс көлемин кеңейтип, жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў нийетиндемиз,- дейди «Гүлбағ-лалазар» фермер хожалығының ис жүргизиўшиси М.Утеўлиева.
Қарақалпақстан хабар агентлиги