Ҳаӯа-райының кескин төменлеўи, күнлердиң салқын тартыӯы менен халықтың газге болған талабы және де артады. Мине, усындай ӯақытлары газ тәмийнатында машқалаларды болдырмаӯ ушын тараӯ қәнигелери жылытыӯ мәӯсими алдынан таярлық жумысларына айрықша итибар қаратады.
Ҳәзирги ўақытлары “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” газ тәмийнаты филиалы ҳәм филиалға қараслы қалалық ҳәм районлық газ тәмийнаты бөлимлеринде газ тармақларын гүзги-қысқы мәӯсимге таярлаӯдың жуӯмақлаӯшы басқышлары алып барылмақта.
“Қанлыкөлтумангаз” газ тәмийнаты бөлими қәнигелери де районда аймағындағы газ тармақларын техникалық тексериўден өткериӯ жумыслары менен бир қатарда газ бөлистириӯши пунктлердиң сазлығына, газ тармақларын арнаӯлы приборлар менен тексериӯ, оңлаӯ жумысларына айрықша итибар берип, аязлы күнлерде тутыныӯшыларға бир тегис тәбийғый газ жеткерип бериӯдиң барлық илажларын көрмекте.
Соны айтып өтиўимиз керек, Қанлыкөл районы бойынша улыӯма 9081 хожалық болып, солардың 8942 хожалығы, яғный, 98% и тәбийғый газден пайдаланады.
-Райондағы тәбийғый газ тутыныӯшыларына “Қанлыкөл” ҳәм “Ташкент” автоматластырылған газ бөлистириӯ станциялары арқалы тәбийғый газ жеткерип бериледи,-дейди районлық газ тәмийнаты бөлими бас инженери Сагынбай Жумабаев.- Район бойынша жәми ҳәрекеттеги 446,7 км газ тармақлары болса, усы газ тармақларының 32,8 км жоқары басым, 179,1 км орта басым ҳәм 234,8 км төмен басым газ тармақларынан ибарат. Соннан 1,5 км аралықтағы газ тармақлары жер астында жайласқан, тутуныӯшыларға 130 газ ретлеӯши пунктлери арқалы тәбийғый газ тарқатылады. Ҳәзирги ӯақытта тараӯ қәнигелери тәрепинен 2024-2025-жылдың гүзги-қысқы мәӯсимине таярлық жумыслары белгиленген кесте тийкарында әмелге асырылмақта. Тараӯда алып барылып атырған бүгинги ҳәрекет ертеңги аязлы күнлерде өзиниң унамлы нәтийжесин берип, тутыныӯшылар үзликсиз тәбийғый газ бенен тәмийинленип, машқалалар болмайды деген үмиттемиз.
Жылытыӯ мәӯсими алдынан таярлық жумыслары республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы