Будапешт қаласында өткерилип атырған 45-Пүткил жер жүзилик  шахмат Олимпиадасында кеше 6-тур ойынлары болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасының ерлер командасы Израил командасын 2,5:1,5 есабында жеңген болса, қызларымыз Нидерландия сайланды командасы менен 2:2 ойнады.

Бүгин турнирде барлық командалар дем алады ҳәм 18-сентябрь күни Өзбекстан ерлер сайланды командасы украиналы шахматшылар менен өз-ара беллеседи.

Алексей Дреев басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы болса, келеси турда грециялы шахматшылар менен ушырасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы