Шахматшы жигитлеримиз Израиллы шахматшыларды жеңди
571

Будапешт қаласында өткерилип атырған 45-Пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасында кеше 6-тур ойынлары болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасының ерлер командасы Израил командасын 2,5:1,5 есабында жеңген болса, қызларымыз Нидерландия сайланды командасы менен 2:2 ойнады.

Бүгин турнирде барлық командалар дем алады ҳәм 18-сентябрь күни Өзбекстан ерлер сайланды командасы украиналы шахматшылар менен өз-ара беллеседи.
Алексей Дреев басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы болса, келеси турда грециялы шахматшылар менен ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы