Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 18-сентябрьде «Президенттиң салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериўди нәзерде тутыўшы айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жойытқан дем есаплаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан жолаўшыларды бирден-бир тарифлер бойынша тасыў хызметлерин көрсетиў айланысы ҳәм майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелердиң бирден-бир қатнасыўшысы болып есапланған юридикалық шахслар тәрепинен реализацияланатуғын товарлар ҳәм хызметлер ушын қосымша қунлы салығы бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.

Жаңадан қурылып атырған бағлар, жүзим атызлары ҳәм тутзарлар ийелеген жерлер ушын юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын төлеўден азат етиў тәризиндеги жеңилликти бийкар еткен ҳалда, бул жер участкалары бойынша салық ставкасы 50 процентке азайтылады.

ӨзА