Быйыл 27-октябрьде болып өтетуғын сайлаўларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, улыўма тән алынған халықаралық принциплер, алдыңғы миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси тийкарында өткериў – сайлаў қатнасыўшылары ҳәм депутатлыққа талабанлардың сиясий билим ҳәм көнликпелери менен тығыз байланыслы.

Соның ушын сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлардың сиясий билимлерин байытыўға, оларды зәрүр методикалық қолланбалар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

 Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Сурхандәрья, Наманган, Қашқадәрья, Жиззақ ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қалалық кеңеслери тәрепинен өткерилген оқыў-семинарларында партиядан жергиликли Кеңеслерге көрсетилген талабанлардың сайлаў процеси менен байланыслы билим ҳәм көнликпелери арттырылды.

Оқыўларда Орайлық кеңес ўәкиллери, фракция ағзалары ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен сайлаў нызамшылығы, партияның өткен жыллардағы жумысы, жаңа Сайлаў алды бағдарламасы бойынша баянатлар исленди, өз-ара тәжирийбе алмасылды.

Сондай-ақ, быйылғы сайлаўлар бурынғыларына қарағанда күшли бәсеки орталығында өтетуғыны, бул болса партия шөлкемлери ҳәм талабанлардан және де жуўапкершилик талап ететуғыны атап өтилди. Буннан тысқары, партияның 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаў алды бағдарламасында белгиленген тийкарғы мақсет-ўазыйпалардың мәниси де толық тоқтап өтилди.

Семинарларда депутатлыққа талабанлардың сораўларына қәнигелер тәрепинен толық жуўап берилди.

М.Комилова, ӨзА