Нөкис районы «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары усы жылдың биринши мәўсими шеңберинде “Басламалы бюджет” мәлимлеме порталы арқалы 1,5 километр аралықтағы  ишки көшелерге  қапламалы асфальт төсеў бойынша усынылған жойбары тийкарында жеңимпаз болған еди.

Бул қурылыс жумыслары ушын 1 млрд. 360 млн. сум қаржы ажыратылып, асфальтлаў жумыслары “SHOBBOZ TOSH” кәрханасы тәрепинен алып барылмақта.

-Усы жылдың март айында басламалы бюджет порталы арқалы мәҳәллемиздеги «Қызкеткен», «Нәўқыран жаслар 1» ҳәм «Нәўқыран жаслар 2» көшелерине асфальт қапламасын төсеў ушын қаржы утып алдық. Мине ҳәзир бир ярым километр жерге асфальт төселип атыр. Бул машқала аўыл турғынларын қыйнап киятырған еди. Сондай-ақ, мәҳәллемизде ишимлик суў,  электр ҳәм интернет тармақларын тартыў бойынша да кең көлемли жумыслар алып барылды. Буның ушын ел басшыларына,  қурылысшыларға миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди мәҳәлле турғыны Саламат Айтешов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги