Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Илимий ҳәм инновациялық жумысты әмелге асырыўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўдың түп-тийкарынан жаңа системасын енгизиў ҳаққында»ғы Пәрманының жойбарына муўапық, киргизилип атырған жаңа механизм тийкарында илимий шөлкемлерди қаржыландырыў бойынша төмендеги тәртип енгизилиўи, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети есабынан илим қәрежетлери ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде сақланып атырған ҳәм базалық қаржыландырыўға өткерилген илимий шөлкемлердиң илимий жумысын муўапықластырыў төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы усыныс етилмекте:
бириншиден, илимий шөлкемлер тәрепинен есап бериў жылынан кейинги жыл ушын ислеп шығылатуғын илимий-изертлеў бағдарламалары жоқары турыўшы министрлик ҳәм уйымлар арқалы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлигине экспертизадан өткериў ушын киргизиледи;
екиншиден, Агентлик тәрепинен илимий-изертлеў бағдарламаларына киргизилиўи усыныс етилген темалардың илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың баслы бағдарларға муўапықлығы, бурын орынланған илимий-изертлеўлерди тәкирарламайтуғыны ҳәм илимий шөлкемниң жумыс бағдарына сәйкеслиги бойынша экспертизадан өткериледи;
үшиншиден, белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилген илимий-изертлеў бағдарламалары Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен келисиледи ҳәм илимий шөлкемниң жоқары турыўшы шөлкеми тәрепинен тастыйықланады;
төртиншиден, базалық қаржыландырыўға өткерилген илимий шөлкемлердиң тастыйықланған илимий-изертлеў бағдарламалары илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларға ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырып барылады.
Сондай-ақ, бюджет илимий шөлкемлери болған министрлик ҳәм уйымлар ҳәр жылы Агентликке кейинги жыллары әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў бағдарламалары жойбарын көрип шығыў ушын киргизиўи ҳәм белгиленген тәртипте көрип шығылған илимий-изертлеў бағдарламалары Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен келисилиўи ҳәм илимий шөлкемниң жоқары турыўшы шөлкеми тәрепинен тастыйықланыўы ҳәм илимий шөлкемниң жоқары турыўшы шөлкеми тәрепинен тастыйықланыўы усыныс етилмекте.
Бул реформалар нәтийжесинде, Президентимиз тәрепинен 2022-2026-жыллары Өзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, Өзбекстанды 2030-жылға келип Глобал инновациялық рейтингинде ТОП-50ликке кириўине тийкар жаратады.
Пәрманның жойбарына тийкарланып усыныс етилип атырған илимий шөлкемлердиң жумысын қаржыландырыўдың жаңа системасы енгизилиўи, илимий жәмийетшилик ушын әмелий әҳмийетке ийе.
Бул болса бир тәрептен илимий шөлкемлерге жасларды тартыў, илимий жумыс пенен шуғылланыўшы кадрлардың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятларын ашып берсе, екинши тәрептен, илимий шөлкемлердиң экономикада тутқан орнын жақсылаў, бәсекиге шыдамлы илимий қолланба ҳәм технологиялардың жаратылыўы ҳәм олардың енгизилиўине алып келеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги