Мәмлекетимизде Президентимиздиң басламасы менен жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыўға ҳәм билимлендириў системасының сапасын буннан былай да арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мысалларға нәзер таслайтуғын болсақ, соңғы жети жылда жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 42 процентке арттырылып, оқыў орынларының саны да көбейип бармақта. Билимлендириў тараўын турақлы реформалаў өз орнында терең билимге ийе заманагөй кадрлар жетисип шығыў нәтийжелилигин арттырады.
Мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар билим алыўға қуштар жасларды уллы мақсетлерге қарай жетелейди. 2024-2025-оқыў жылының басланыўы менен 1-курсқа қабыл етилген студент-жаслар жоқары оқыў орнына үлкен арзыў-нийетлер менен қәдем таслады. Өзиниң терең билим алыўға деген умтылысы нәтийжесинде студент деген атқа миясар болған жаслардың қуўанышлары шексиз. Жаңа оқыў жылында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға усыныс етилген усындай бир топар бахытлы жаслардың қуўанышлары менен ортақластық.
– Жоқары оқыў орны студентлериниң қатарына қосылыў мен сыяқлы ҳәр бир жастың ең жоқары мақсетлериниң бири болса керек, – дейди Ветеринария санитария экспертизасы бағдарының студенти Гулинур Раҳимбоаева. – Ата-анам ҳәм мен Хорезм ўәлаятынан Нөкис қаласында оқыўды нийет ететуғын едик. Шүкирлер болсын, әрманым әмелге асты. Әзелден қарақалпақ халқының турмыс тәризи, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине қызығатуғын едим. Енди бул жерде билим алыў менен бирге олар менен жақыннан танысып бараман.
– Ең жоқары балл топлап, студент болғаным биринши гезекте ата-анамды айрықша қуўандырды, – дейди Зооинженерия бағдарының студенти Мийирбек Жанабаев, – Уллы шайырымыз И.Юсупов туўылып өткен Шымбай елатынан боламан. Биз жаслардың билим алыўымыз ушын жаратылған шараятлар ҳәр биримизге қуўаныш бағышламақта.
– Суў биоресурслары ҳәм аквакультура бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. – дейди Сара Базарбаева. – Президентимиздиң жоқары оқыў системасын реформалаў бойынша алып барып атырған сиясаты жасларға айрықша мотивация бермекте.
Сондай-ақ, Зооинженерия бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етилген Барно Муҳамметдинова ҳәм Ветеринария санитария экспертизасы бағдарының студенти Манзура Рейимбаевалар елимиздиң бахытлы жаслары қатарынан орын алғанынан қуўанышлы екенлигин, жасларға жаратылып атырған имканиятлардан руўхланып, келешекте өзлери таңлаған тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғынлықларын билдирди.
Уллы байрам – елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдында шаңарақ ағзалары ҳәм өзлерине қос қуўаныш бағышлап, студент болыў бахтына миясар болған жаслардың қуўанышлары бизлерди де толқынландырды. Бул жаслар жақын келешекте елимиздиң ветеринария ҳәм шарўашылық тараўының раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосады, деген үмиттемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги