Бүгин Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм Россия Федерациясының Энергетика министри Сергей Цивилёв арасында бирге ислесиў көлемин кеңейтиў мәселелерине бағышланған ушырасыў өткерилди.

Сөйлесиў даўамында тәреплер еки мәмлекет арасындағы ҳәр тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди және де күшейтиў, жанар май-энергетика комплексине инвестицияларды тартыў ҳәм жаңа жойбарларды турмысқа енгизиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерди додалаўға итибар қаратты.

Сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм заманагөй технологияларды өз-ара алмасыў бойынша да сөз етилди. Онда мәмлекетлер арасында энергетика байланысларын избе-из беккемлеў бағдарында усыныслар билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында атап өтилгениндей, бул сөйлесиў еки мәмлекеттиң энергетика тараўындағы бирге ислесиўин және де раўажландырыўға хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА