Ташкентте дәслепки мәрте контркоррупция тараўында Халықаралық медиа форум болып өтпекте.

Бул абырайлы форум өткен жылы Өзбекстанда болып өткен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жоқары халықаралық сыйлық пенен сыйлықлаў мәресиминде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған баслама тийкарында өткерилмекте.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясының бирге ислесиў бөлими, Халықаралық бирге ислесиў бойынша Германия жәмийетшилиги, Сыртқы ислер министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстанның миллий медиа бирлеспеси, Халықаралық пресс-клуб пенен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Латвия, Сингапур, Филиппин, Австрия, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекстанның жетекши ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, министрлик ҳәм уйымлардың баспасөз хаткерлери, халықаралық экспертлер, дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнаспақта.

Форумда сөзге шыққан БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии коррупцияға қарсы гүресиў шеңберинде бундай медиафорумның шөлкемлестирилгени үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

– Негизинде коррупцияға қарсы гүресиў глобал дәрежеде әҳмийетли, – деди А.Фужии. – Себеби бул иллет себепли мәмлекетлерде раўажланыў болмай, халқы кәмбағаллықта жасаўға мәжбүр болмақта. Өзбекстанда да коррупцияға қарсы гүресиў, усы жол менен кәмбағаллықты сапластырыў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта ҳәм сезилерли нәтийжелерге де ерисилди. Бул БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы талапларына да сәйкес келеди. Коррупцияға қарсы гүресиўде медиа әҳмийетли орын тутатуғынын айтып өтиў керек. Бул тараў ўәкиллери мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысын бақлап барады, олардың әдалатлы ислеўине белгили бир мәнисте тәсир көрсетеди. Себеби, ҒХҚ хызметкерлери бақлаў менен шекленбей, мағлыўмат топлайды, оны көпшиликке мәлимлеме сыпатында тарқатады. Яғный, ашықлық тийкарында жәмийет коррупциядан тазаланады. Демек, коррупцияға қарсы гүресиўде медиа имканиятларын арттырыў бойынша нәтийжели бирге ислесиўди және де беккемлеў зәрүр.

                                                         Норгул Абдураимова,

                                                         Носир Ҳайдаров (сүўрет),

                                                         Нишон Абдуовитов (видеооператор), 

ЎзАның хабаршылары