9-сентябр, дүйшемби күни Доҳа қаласында Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Қатардың «Билимлендириў ҳәр нәрседен үстин» («Education Above All») фонды арасында ушырасыў болып өтти. Онда аўған ҳаял-қызларын Өзбекстанда медицина тараўында оқытыўды шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын меморандумға қол қойылды.

Атап өтилиўинше, усы келисим шеңберинде 160 аўған ҳаял-қызын Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелеринде медицина бағдарлары бойынша оқытыў режелестирилмекте.

«Оқыў бағдарламалары Өзбекстандағы тәжирийбели қәнигелер тәрепинен алып барылып, ҳаял-қызлардың кәсиплик көнликпелерин арттырыўға хызмет етиў менен бирге олардың өз ўатанынлдағы медицина тараўына қосып атырған үлесин күшейтиўге де үлкен тәсир көрсетеди», – делинеди хабарда.

Жойбарға тийисли қәрежетлердиң үлкен бөлегин, атап айтқанда, аўған ҳаял-қызларын оқытыў, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа зәрүр ҳүжжетлер ушын 2,2 миллион доллар муғдарындағы қаржылай жәрдемди Қатар тәрепи өз мойнына алған, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги