Түрли тараўлар сыяқлы мәмлекетлик қаржыны басқарыў бағдарындағы ҳәм Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиў көлеми жыл сайын кеңеймекте.

Мәмлекетимиздиң экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Гулнора Раҳимова ҳәм Россия Федерал ғазнашылығы басшысының орынбасары Александр Михайлик басшылығындағы делегация арасындағы ушырасыў пикиримизге айқын мысал бола алады.

Сөйлесиў даўамында мырза Михайлик ҳәм Ғазнашылық хызмети комитети баслығы Муродбек Отажонов 7 жыллық нәтийжели бирге ислесиўди және де беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, 2023-жыл Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги, министрлик жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети ҳәм Россия Федерациясы Федерал Ғазнашылығы арасындағы 2024-2026-жылларға мөлшерленген бирге итслесиў бағдарламасына қол қойылды.

Шерикликти раўажландырыўға таяр екенликлерин билдирген мийманлар ушырасыўдан соң комитеттиң жумысы менен жақыннан танысты.

ӨзА