«Жасыл энергия» ЖШЖ ҳәм Қытайдың «Shandong Hi-Speed Co Ltd» компаниясы арасында ушырасыў өткерилди.

Онда «Жасыл энергия» компаниясы тәрепинен елимиздеги бир қатар социаллық тараў объектлерине қуяш фотоэлектр станцияларын орнатыў бойынша алып барылып атырған  жумыслар және олардың нәтийжелилиги ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сөйлесиў ўақтында сырт елли компанияның ўәкиллери Өзбекстанда «жасыл» энергетиканы жедел енгизиў бағдарында ири жойбарлар алып барылып атырғаны ҳәм бул бағдарда  бир неше қытай компаниялары да белсене қатнасып атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Қытай компаниясы республикамыз аймағындағы социаллық тараў объектлеринде улыўмалық қуўатлылығы 100 МВт болған қуяш фотоэлектр станцияларын орнатыўға қызығыўшылық билдирмекте.

Тәреплер ушырасыў соңында усы бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар  ҳаққында  келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА