Өзбекстанда жергиликли жәмийетшиликлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық абаданлыққа жәрдемлесиў бойынша жаңа орай жумыс баслады.

Мәмлекетимизде социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызмет системасын раўажландырыўға қаратылған инновациялық ис-ҳәрекетлер орайына айланыўы күтилип атырған бул орай Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Колумбия университети, UNICEF ҳәм басқа структуралардың нәтийжели бирге ислесиўиниң нәтийжеси болып табылады.

Агентлик директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёеваның сөзлерине бола, социаллық хызметлерди раўажландырыў ҳәм халықтың әззи қатламларын қоллап-қуўатлаў жумысын жаңа басқышка көтеретуғын орай тек билим  ҳәм инновациялар дәреги емес, ал тараў хызметкерлери ушын ең жақсы әмелият ҳәм тәжирийбе алмасыў орны болады.

Орай сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў арқалы системаны жетилистириў, хызметкерлердиң кәсиплик раўажланыўы, нәтийжели бағдарлама ҳәм методикалар жаратыў, пайдалы изертлеў өткериўге жардем бериўге хызмет етеди.

– Шаңарақлар ҳәм жәмәәтлер менен байланыста болған алдынғы социаллық хызмет хызметкерлери балаларды қорғаў процесинде үлкен әҳмийетке ийе, – дейди UNICEF тиң Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы Реҳина Кастижио. – Усы бағдарда хызмет етип айтырған пидайы, маман кадрлар ис-ҳәрекети ҳәм ресурсларды муўапықластырыў әдиллик ҳәм социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў, қәўипсизлик ҳәм тәбийғый апатшылық қәўипин азайтыў сыяқлы әҳмийетли тараўларда балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ушын зәрүр. Бундай жумыс, өз гезегинде, халықтың барлық қатламлары ушын социаллық әдилликти орнатыў, турмыс сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

Кәмбағаллықты қысқартыў, қәўипти анықлаў ҳәм басқарыў, бала ҳәм шаңарақтың абаданлығын арттырыў ушын социаллық хызметлерден пайдаланыўды тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болып есапланады. Социаллық хызмет хызметкерлери усы процессти аңсатластырыў арқалы, әсиресе, балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын тутады. Буның ушын орай социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызмет тараўында билимлендириў, изертлеў ҳәм әмелиятты раўажландырыўға қаратылган беккем билимлендириў инфраструктурасын усыныс етеди.

Орай Колумбия университети социаллық жумыс мектеби (CSSW) академиялық басшылығы ҳәм менторлық жәрдемине сүйенеди. Бул абырайлы мәкемениң социаллық жумыс бойынша жетекшилик статусынан пайдаланып, әззи халық ҳәм жергиликли жәмийетшиликтиң абаданлығын жақсылайтуғын инновациялық, дәлиллерге, алдыңгы тәжирийбеге тийкарланған ис-ҳәрекет жәрдеминде социаллық қорғаў системасын беккемлейди.

Гўзал Сатторова, ӨзА