Усы жылдың 20-август күни туризм тараўы жоқары пәтлерде раўажланып атырған Рас ал Хайма әмирлигинде «Air Arabia» авиакомпаиясы менен биргеликте Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға байланыслы презентация илажы шөлкемлестирилди.
Рас ал Хайма қаласындағы «Hilton Garden INN» мийманханасында шөлкемлестирилген илаж шеңберинде Өзбекстан туризм потенциалын көрсететуғын стенд те шөлкемлестирилди. Илажда Рас ал Хайма ҳәм әмирликлерде жумыс ислейтуғын 35 компанияның 50 ден аслам ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.
Қатнасыўшыларға елшихана ўәкиллериниң Өзбекстан туризм имканиятларының презентациясы, 2024-жыл 21-23-ноябрьде болып өтетуғын Ташкент халықаралық туризм көргизбесиниң бағдарламасы ҳәм оның шеңберинде туристлик компаниялар ушын шөлкемлестирилетуғын «Hosted buyers» бағдарламасы ҳәм онда қатнасыў шәртлери усыныс етилди.
Сондай-ақ, илажда қатнасқан блогерлер таярлаған видеоүзиндилер көрсетилди, олар Өзбекстанда туризм имканиятлары, туристлер ушын жаратылған шараятлар ҳаққындағы өз сезимлери менен ортақласты.
Мәжилис соңында «Air Arabia» авиакомпаниясының пәрўазлар географиясы Орайлық Азия бойлап кеңейип барыўына байланыслы презентациясынан соң Өзбекстанға бийпул билетлер усыныс ететуғын лоторея шөлкемлестирди.
ӨзА